Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесинде Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаевтың Нөкис қаласы, Хожели, Тақыятас ҳәм Нөкис районларындағы исбилерменлерди қыйнап киятырған машқалалар ҳәм усыныслары бойынша көшпели қабыллаўы болып өтти.

Қабыллаўда исбилерменлер тәрепинен тийкарынан өз исбилерменлигин раўажландырыў бағдарында ушырасып атырған машқалалар, қаржыландырыў ҳәм кредит ажыратыў мәселелери, кадастр ҳүжжетлерин рәсмийлестириў, жер орынларын ажыратыў, ислеп шығарыў, өндиристи кеңейтиў бағдарында мүрәжатлар билдирилип, Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен барлық машқалалар тыңланды.





Билдирилген мүрәжатлардың басым көпшилигине орнында шешимин табыў илажлары көрилди. Буннан тысқары, ўақыт талап етилетуғын мүрәжатлар Жоқарғы Кеңес Баслығының жеке қадағалаўына алынып, тез пурсатта унамлы шешиў бойынша тийисли тараў басшыларына тапсырмалар берилди.

 

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги