Бүгинги күни республикамызда социаллық объектлердиң қыс мәўсиминен қыйыншылықсыз шығыўын тәмийинлеў ең әҳмийетли мәселелердиң бири болып табылады. Сонлықтан бул бағдарда республикамызда гүзги-қысқы мәўсимге таярлық көриў бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев Бозатаў районы аймағындағы социаллық объектлердиң гүзги-қысқы мәўсимге таярлығын көриў мақсетинде усы аймақта болды.
Соның ишинде айтып өтетуғын болсақ, ол район басшылары менен бирге 2-санлы улыўма билим бериў мектеби, 8-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми ҳәмде районлық Медицина бирлеспелери, «Аспантай» аўыл пуқаралар жыйынында жайласқан 11-санлы улыўма билим бериў мектеби ҳәм аўыллық шаңарақ шыпакерлик пунктинде болып, ол жердеги жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты. Сондай-ақ, мектеп оқыўшыларының билим алыў барысын да көзден өткерди. Районлық медицина бирлеспелеринде емленип атырған наўқаслардың ҳал-жағдайынан хабар алып, олардың зәрүрли дәри-дәрмақлар менен тәмийинлениўи бойынша сәўбетлести.
Сондай-ақ, «Аспантай» АПЖ аймағында «Жасыл мәкан» акциясы шеңберинде жаңадан жаратылып атырған «Жаслар бағы»на терек ҳәм мийўе нәллерин егиў илажына қатнасты.
Соның менен бирге, Жоқарғы Кеңес Баслығы Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 2-февраль күнги “Қарақалпақстан Республикасында пуқаралар ушын мүнәсип турмыс шараятын жаратыў ҳәм мәҳәллелер инфраструктурасын еле де жақсылаў илажлары ҳаққында”ғы 52-санлы қарары тийкарында Бозатаў районында жәрдемге мүтәж шаңарақлардың үй-жайларының төбесин шиферлаў, зәрүрлерин қайтадан қурыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардың барысы менен де танысып, пуқаралардың пикирлерин тыңлады ҳәм бул қурылыс ислерин жаўын-шашынлы күнлерге қалдырмай қысқа мүддетте сапалы етип жуўмақлаў бойынша район басшыларына анық тапсырмалар берди.
-Аспантай елаты район орайынан 45 км қашықлықта жайласқанлықтан көп жыллар даўамында итибардан шетте қалып киятырған еди,-дейди усы аймақтағы 11-санлы улыўма билим бериў мектебиниң директоры Қайырғалий Ырысбаев.-Ал, быйылғы жылы болса, республика ҳәм район басшыларының итибары нәтийжесинде, аўылымызда көплеген ири өзгерислер жүз берди. Жолларымыз тегисленип көше бойларына пиядалар жолы ҳәм жақтыландырыўшы шырақлар қурылды. Көплеген хожалықлардың үйлери оңланып, олардың төбелери шиферланды. Ҳәзирги күнлери де бундай қурылыс ҳәм абаданластырыў жумыслары қызғын алып барылмақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги