Әмелий сапар менен Астана қаласында болып турған Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Түркий мәмлекетлер шөлкеми Мәмлекет басшылары кеңесиниң гезектеги мәжилисинде қатнасты.
Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаевтың басшылығында өткен илажда Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиев, Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров, Түркия Республикасы Президенти Режеп Таййип Эрдоған, Венгрия Бас министри Виктор Орбан, Түркмен халқының миллий жетекшиси, Түркменстан Халық Мәсләҳәти Баслығы Гурбангули Бердимуҳамедов, сондай-ақ, ТМШ бас хаткери Кубаничбек Омуралиев те қатнасты.
Күн тәртибине муўапық, ТМШ шеңбериндеги көп тәреплемели қатнасықлардың ҳәзирги жағдайы ҳәм перспективалары бойынша пикир алысылды, әмелий бирге ислесиўдиң әҳмийетли мәселелери додаланды.
Өзбекстан Президенти өзиниң шығып сөйлеген сөзинде ҳәзирги жеделлик пенен өзгерип баратырған заманда тили, дини ҳәм жүреклери бир-бирине тығыз байланысқан түркий халықлардың ҳаўазы дүнья бойлап және де бәлент, және де күшлирек жаңлап атырғанын атап өтти. Шөлкем ҳәзирги күнде қәлиплесип атырған жаңа дүнья тәртиби ҳәм халықаралық институтлар системасында өзине тән әҳмийетли орынға ийе болып бармақта.
Соның менен бирге, мәмлекетимиз басшысы глобал қәўипсизликти тәмийинлеўде жаңа машқалалар пайда болып атырғаны, халықаралық ҳуқық нормаларынан шегиниў жағдайларының көбейип атырғанын көрсетип өтти.
Палестин-Израил тартысының кейинги ўақытта қәўипли түс алғаны айрықша қәўетерге салып атырғаны атап өтилди. Қураллы соқлығысыўлар ақыбетинде тыныш халық, әсиресе, кекселер, ҳаял-қызлар ҳәм балалар арасында қурбанлар ҳәм жарақатланғанлар саны кескин артып, тартыстың кеңнен жайылып кетиў қәўпи күшеймекте.
Усы мүнәсибет пенен Өзбекстан жетекшиси тәреплерди оперативлик пенен әскерий ҳәрекетлерди сапластырып, оқ атыўды тоқтатыўға, гуманитарлық мақсетлерде келисиўге шақырды. Палестин-Израил машқаласын БМШ резолюцияларына муўапық «еки халық ушын еки мәмлекет» принципи тийкарында шешиў зәрүр екенлиги бағдарында Өзбекстанның позициясы қатаң екени билдирилди.
Өзбекстанның ТМШ мәмлекетлери менен бирге ислесиўи ҳаққында айтып, мәмлекетимиз басшысы елимиз Шөлкемниң барлық ағзалары менен стратегиялық шериклик байланысларын орнатқанын үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтти. Өткен жылы Самарқанд саммитинде қол қойылған әҳмийетли ҳүжжетлер избе-из орынланбақта.
Өзбекстан басшылығы дәўиринде түркий мәмлекетлер арасындағы бирге ислесиўди беккемлеўге қаратылған жүзден аслам ҳәр қыйлы илажлар өткерилди, әҳмийетли басламалар алға қойылды, жаңа структуралар шөлкемлестирилди, бир қатар абырайлы глобаллық ҳәм регионаллық структуралар менен тығыз шериклик байланыслары орнатылды.
Шөлкемге ағза мәмлекетлер арасындағы көп тәреплеме ҳәм узақ мүддетли байланысларды және де кеңейтиў мақсетинде Өзбекстан Президенти бир қатар усыныс ҳәм басламаларды алға қойды.
Атап айтқанда, Түркий халықлар аўызбиршилигин, олардың уллы өтмиши ҳәм бай мәдениятын, әзелий қәдириятларын билдиретуғын Түркий дүнья картасын ислеп шығыў усыныс етилди.
Санаат кооперациясын күшейтиў ҳәм ири биргеликтеги инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў мақсетинде Түркий раўажланыў банкин шөлкемлестириў жумысларын жеделлестириў зәрүр екенлиги атап өтилип, бул қаржы мәкемесин Ташкент қаласында жайластырыў усынысы билдирилди.
Түркий мәмлекетлер саўда бирге ислесиўин изертлеў орайын шөлкемлестириў бойынша басланған әмелий жумысларды толық мақуллап, Өзбекстан Президенти орай имканиятларынан саўда тосқынлықларын сапластырыў, экспорт-импорт көлемин көбейтиў бойынша жаңа механизмлерди кеңнен енгизиў, электрон саўда платформаларын раўажландырыўда үнемли пайдаланыў зәрүр екенлигине итибар қаратты.
Глобал логистика шынжырлары ҳәм транспорт коридорларын раўажландырыў ҳәм диверсификациялаў, бирден-бир транзит тармағын қәлиплестириў мәселелери әҳмийетли екени атап өтилди. Усы мәниде, мәмлекетимиз басшысы Орта коридор имканиятын кеңейтиў, қосымша көп тармақлы бағдарларды, соның ишинде, Қытай, Қубла Азия ҳәм Европа базарларына мәмлекетлеримиз арқалы өтетуғын коридорларды раўажландырыў ҳәм транспорт хызметлерин санластырыў илажларын қоллап-қуўатлады.
Шөлкемниң Темир жол уйымлары кеңесин шөлкемлестириў ҳәм бул структураның дирекциясын Өзбекстанда жайластырыў усыныс етилди.
Экология тараўында бирге ислесиўди беккемлеў мақсетинде министрлер дәрежесинде турақлы жумыс алып баратуғын Түркий экология форумын дүзиў басламасы алға қойылды.
Өзбекстан жетекшиси дөретиўшилик пенен пикирлейтуғын, талантлы ҳәм күш-ғайратлы жаслар келешекте түркий дүньяның жаңа Ренессансын қурыўына исеним билдирди. Жаңалыққа умтылып жасайтуғын, интакер ул-қызларды хошаметлеў ушын Өзбекстанда Түркий дүнья креатив жаслары орайын ашыў усыныс етилди.
Жадид бабаларымыздың илимий-дөретиўшилик мийрасын терең үйрениў зәрүр екенлигин атап өтип, Өзбекстан Президенти ТМШ мәмлекетлериниң ўәкиллерин усы жылдың декабрь айында елимизде болып өтетуғын «Жадидлер; миллий өзлик, ғәрезсизлик ҳәм мәмлекетшилик идеялары» темасындағы халықаралық әнжуманда белсене қатнасыўға мирәт етти.
Сөзин жуўмақлап, Өзбекстан басшысы қатнасыўшылардың итибарын мың жыллар даўамында тарийхы ҳәм тәғдири түркий халықлар менен тығыз байланыслы болған көп миллетли жәбиркеш Аўғанстан халқына қаратты.
Мәмлекетимиз жетекшиси аўған халқына гуманитарлық жәрдем көрсетиўди тоқтатпаўға, бул елдеги аўыр социаллық машқалаларды шешиўге қаратылған анық механизмлерди ислеп шығыўға шақырды.
Мәжилисте Әзербайжан, Қазақстан, Қырғызстан, Түркия, Венгрия, Түркменстан делегацияларының басшылары, шөлкем бас хаткери де шығып сөйледи.
Саммит жуўмағында ТМШ шеңбериндеги бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарлары бойынша бир қатар келисим ҳәм қарарлар қабыл етилди.
Шөлкемге басшылық Қазақстан Республикасына өтти.
ӨзА