Усы жылдың 31-октябрь күни Олий Мажлис Сенатының Аралбойы аймағын раўажландырыў мәселелери ҳәм экология комитети, Бюджет ҳәм экономикалық раўажландырыў мәселелери комитетиниң Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси менен гезектеги қоспа мәжилиси өткерилди.

Онда Сенаттың Аралбойы аймағын раўажландырыў мәселелери ҳәм экология комитети баслығы Б.Алиханов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев қатнасты.

Мәжилисте аймақты комплекс социаллық-экономикалық раўажландырыў ҳәмде халықтың бәнтлигин тәмийинлеўге тийисли илажлардың орынланыўы мәселелери көрип шығылды.

Атап өтилгениндей, Қарақалпақстан Республикасын комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў, экономика өсимин тәмийинлеў, исбилерменликти қоллап-қуўатлаў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Президентимиз тәрепинен Арал теңизиниң қурыўы нәтийжесинде аймақта жүзеге келген социаллық-экономикалық ҳәм экологиялық машқалаларды сапластырыўға айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда көплеген әмелий жумыслар турмысқа енгизилип атыр.

Илажда Президентимиз тәрепинен қабыл етилген пәрман ҳәм қарарлардың орынланыўы, Қарақалпақстанда исбилерменлер ушын жаратылған шараятлар, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм басқа да усы сыяқлы әҳмийетли мәселелер қарап шығылды.





Мәжилис жуўмағында алдағы ўазыйпалар белгилеп алынып, жергиликли Кеңес депутатларына тийисли тапсырмалар берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги