Қазақстан президенти Қасым-Жомарт Тоқаев Франция басшысы Эммануэль Макронның Астанаға биринши сапары өз-ара бирге ислесиўди сапа жағынан жаңа басқышта алып шығыўын атап өтти.

Ақорда баспасөз хызметиниң хабарына бола, 1-ноябрь күни еки мәмлекет басшысы Астанада тар ҳәм кеңейтилген қурамда сөйлесиў өткерди.

«Франция-Қазақстанның Европа Аўқамындағы әҳмийетли ҳәм исенимли бирге ислесиўшиси. Өткен жылы өз-ара товар айланысы 30 процентке артып, 4 миллиард долларға жетти. Еки тәреплеме саўда көлеми усы жылдың 8 айында өткен жылға қарағанда 21 процентке өскен ҳалда 2,7 миллиард долларды қурайды»,-деди Қ.Тоқаев.

Атап өтилиўинше, Франция Қазақстан экономикасына 18,7 миллиард доллар инвестиция киргизген болып, энергетика, қурылыс, аэрокосмос, фармацевтика, таў-кән ҳәм химия санааты бағдарларында биргеликте жойбарлар әмелге асырылмақта.

Өз гезегинде, Эммануэль Макрон Қазақстан менен байланысларға жоқары баҳа берген ҳәм энергетика, аўыл хожалығы, билимлендириў ҳәм санластырыў тараўларындағы бирге ислесиўдиң әҳмийетине итибар берилген.

Франция президенти Э.Макрон биринши мәрте Орайлық Азияға келмекте.

Бурын хабар бергенимиздей, оның гезектеги сапарының мәнзили Өзбекстанда болады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги