Олий Мажлис Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилиси өз жумысын баслады. Онда дәслеп «Өзбекстан Республикасының Сайлаў кодексине өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбары додаланды.

– Мәмлекетимизде жәмийетте ҳаял-қызлардың социаллық статусын күшейтиў, ҳаял-қызлар ҳәм ер адамлар ушын тең ҳуқық пенен имканиятларды тәмийинлеўге қаратылған кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта, – деди депутат Гулбаҳор Саидғаниева. – Жаңа редакциядағы Өзбекстан Республикасы Конституциясында ҳаял-қызлар ҳәм ер адамлардың теңлигин тәмийинлеўдиң жаңа механизмлерин нәзерде тутатуғын конституциялық тийкарлар беккемленди. Ҳаял-қызлардың жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик жумысларды басқарыўдағы орны ҳәм ролин арттырыў мақсетинде Өзбекстан Республикасының Сайлаў кодексинде ҳаял-қызлардың саны сиясий партиядан көрсетилген депутлалыққа талабанлар улыўма санының кеминде отыз процентин шөлкемлестириў керек екени белгиленген. Ҳәзирги ўақытта Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутатларының 32 проценти, Сенат ағзалары ҳәм жергиликли Кеңес депутатлардың 25 проценти ҳаял-қызлардың ибарат. Бул 2014-жылдағы парламент сайлаўындағы көрсеткиштен еки есеге көп дегени. Буннан тысқары, түрли тараўларда ҳаял-қызлардың үлеси артып бармақта. Мәселен, медицинада 77 процент, экономика ҳәм санаатта 46 процент, исбилерменликте болса 40 процентти ҳаял-қызлар қурайды.

Бул нызам жойбары менен Өзбекстан Республикасы Сайлаў кодексиниң 70 ҳәм 91-статьяларына сиясий партиялар тәрепинен депутатлыққа талабанлар көрсетилип атырғанда ҳаял-қызлар санының ең кем муғдарын талабанлар улыўма санының отыз процентинен қырқ процентине арттырыўды нәзерде тутатуғын өзгерислер киргизиў усыныс етилмекте.

Жойбарды таярлаўда сырт ел тәжирийбеси де үйренилди. Бул бағдардағы көрсеткишлер сырт мәмлекетлерде түрлише қәлиплескен. Атап айтқанда, Европа мәмлекетлеринде 40-50-процент, ҒМДА мәмлекетлеринде 25-30 процент әтирапында белгиленген. Россия, Беларусь ҳәм Тәжикстанда болса ҳаял-қызлар ушын квоталар нәзерде тутылмаған. Арменияда 25 процент, Қазақстанда ҳаял-қызлар  менен биргеликте жаслар ҳәм майыплар 30 процент, Қырғызстанда болса талабанлардың көби менен 70 проценти бир жыныс ўәкили болыўы мүмкини екенлиги нәзерде тутылған.

Додалаўларда шығып сөйлеген депутатлар бул нызам жойбарының әҳмийетли екенин, ҳаял-қызлардың жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик жумысларды басқарыўдағы ролин күшейтиўге, сиясий белсендилигин арттырыўға хызмет ететуғынын айрықша атап өтти.

Сондай-ақ, елимиз гендер теңлик бойынша халықаралық рейтинглерде жоқары басқышларға көтерилип атырғаны атап өтилди. Соның ишинде, Парламентлераралық аўқамның 2023-жыл 1-январьдағы мағлыўматларында сиясаттағы ҳаял-қызлар рейтинги бойынша 190 мәмлекет ишинде Өзбекстан 50-орынды ийелеген.

Пикир-таласлардан кейин нызам жойбары екинши оқыўда да көрип шығылып, қабыл етилди.

Муҳтарама Комилова,

ӨзА