Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 30-октябрь күни Түркий мәмлекетлер шөлкеми (ТМШ)ниң бас хаткери Кубаничбек Омуралиевти қабыллады.
Өзбекстанның шөлкемге басшылығы шеңберинде биргеликте әмелге асырылған жумыслардың нәтийжелери ҳәм оның болажақ саммитине таярлық көриў мәселелери көрип шығылды.
Өткен дәўирде түркий мәмлекетлердиң көп тәреплеме шериклиги жаңа пәт пенен раўажланғанын атап өтиў керек. Жүзден аслам илажлар өткерилди, әмелий бирге ислесиў ушын бир қатар жаңа майданлар шөлкемлестирилди.
Сондай-ақ, Өзбекстан Халықаралық түркий мәденият шөлкеминиң толық ҳуқықлы ағзасы болды.
Ушырасыўда ТМШ шеңберинде саўда, «жасыл» экономика, инвестициялар, инновациялар, транспорт ҳәм логистика, туризм, экология, жасларға байланыслы сиясат, түркий халықлардың мәдений ҳәм тарийхый мийрасын ғалаба ен жайдырыў тараўындағы өз-ара пайдалы бирге ислесиўди және де кеңейтиў мәселелери додаланды.
ӨзА