Президент Шавкат Мирзиёев 30-октябрь күни Ташкент қаласында гүзги-қысқы мәўсимге пуқта таярлық көриў, транспорт инфраструктурасын жақсылаў бойынша алып барылып атырған қурылыс ҳәм абаданластырыў жумыслары менен танысыў мақсетинде бир қатар объектлерге барды.
Ҳаўа-райының қолайсызлықлары ҳәм температураның төменлеўи дәўиринде инфраструктура объектлеринде машқала келип шығыўының алдын алыў, жоллардың сапасы ҳәм қәўипсизлигин тәмийинлеў сыяқлы ўазыйпалар ҳәзирги күнде жүдә үлкен әҳмийетке ийе болып, бул мәселелер Президентимиздиң турақлы дыққат орайында болып тур.
Мәмлекетимиз басшысы бул бағдарлардағы жумыслардың барысы ҳәм қурылыс жумыслары менен танысыўды Ташкент халықаралық аэропортына алып барыўшы жол өткелинен баслады.
Бизге белгили, бул көпир Бабур көшеси бойлап Киши айланба жолы ҳәм темир жол үстинен өтеди. Автомобильлердиң қатнаўына қолайлықты арттырыў мақсетинде бул жерде бурынғы көпирге тутас және бир эстакада қурылмақта. Ол жыйналмалы монолит усылында болып, сапа талапларына сәйкес.
Қурылыс тамам болғаннан соң, көпирдиң ени 46 метрге жетеди. Бир күнде 20 мың транспортты өткериў имканиятына ийе болады. Алдын бул көрсеткиш 9-10 мың әтирапында еди.
Көпир жанында 2 айланба, 4 оқжай түриндеги шығыў-түсиў жолы қурылмақта. Бул қайырылып алыў қәўпин жоқ етип, басқа жоллардағы ҳәрекетке қосылыўды аңсатластырады. Сондай-ақ, көпир үстинде пиядалар ҳәм велосипедлер жоллары да кеңейтилди.
Президент бул жердеги қурылыс процеси менен танысты. Тутас жолларда да пиядалар ҳәм автомобильлер ҳәрекетине қолайлықларды арттырыў, әтирапты көклемзарластырыў бойынша көрсетпелер берди.
Транспорт инфраструктурасында ҳаўа портлары стратегиялық әҳмийетке ийе. Бул тараўда «Uzbekistan Airports» акционерлик жәмийети дүзилип, аэропортлар басқышпа-басқыш модернизацияланбақта.
Соңғы жыллары Ташкент халықаралық аэропортының 2-терминалы жаңаланып, өткериў қуўатлығы 2 есеге арттырылды. Усы жылдың басында және бир ушып кетиў залы оңланып, қайта ашылды. Онда Duty Free дүканлары, «Арт-базар» саўда комплекси, миллий зергерлик ҳәм гастрономия дүканлары, дәрихана, ана-бала ханасы, намазхана шөлкемлестирилди.
Улыўма, үш жыллық реконструкция жумыслары нәтийжесинде пайтахт аэропортының жөнеп кетиў терминалы майданы 56 мың квадрат метрден 80 мың квадрат метрге шекем кеңейди.
Ҳәзирги күнлери және бир халықаралық терминал реконструкцияланбақта. Жойбарға бола, имараттың сыртқы ҳәм ишки көриниси миллий усылда пардозланады, кириў-шығыў жоллары кеңейтиледи. Мийманларды күтип алыў ҳәм оларға хызмет көрсетиў ушын қолайлықлар арттырылады. Сондай-ақ, терминалға тутас аймақлар абаданластырылады.
Мәмлекетимиз басшысы бул қурылыс ҳәм абаданластырыў жумысларын көзден өткерди. Жолаўшыларға хызмет көрсетиўди жақсылаў ҳәм жеделлигин арттырыў бойынша көрсетпелер берилди.
Сондай-ақ, жуўапкерлердиң экономикалық ҳәм социаллық тараў объектлериниң гүзги-қысқы мәўсимге таярлық жағдайы бойынша есабаты тыңланды. Бул бағдардағы жумысларды жеделлестириў ҳәм сапалы жуўмақлаў бойынша анық тапсырмалар берилди.
ӨзА