Президент Шавкат Мирзиёев 27-октябрь күни геология жумысларын кеңейтиў, пайдалы қазылмалардың перспективалы кәнлерин анықлаў ҳәм өзлестириў режелерине бағышланған презентация менен танысты.
Мәмлекетимизде санаатты раўажландырыў бойынша қойылған үлкен шеклерге ерисиўде экономиканы минерал ресурлар менен тәмийинлеў үлкен әҳмийетке ийе. Кейинги жыллары елимизде геология тараўын трансформациялаў шеңберинде оның материаллық-техникалық базасы беккемленди, илимий изленислер ҳәм кадрлар таярлаў күшейтилди.
Презентацияда тараўда исленген жумыслар, пайдалы қазылмаларды анықлаў ҳәм өзлестириўге сырт ел бирге ислесиўшилери менен инвесторларды тартыў режелери көрип шығылды.
Атап өтилгениндей, кейинги жыллары геология-излеў жумыслары алдыңғы дәўирге салыстырғанда 3 есеге артты. 3D сейсморазведка, аэрогеофизика, космогеология, санлы геология сыяқлы алдыңғы усылларды енгизиў басланды. Геология илимлери университети шөлкемлестирилип, ҳәзирги күнде 1,5 мың жас заманагөй билим ҳәм көнликпелерди ийелемекте.
Сондай-ақ, геология жумыслары тараўындағы жойбарларға жеке меншик инвестицияларды кеңнен тартыў ушын нызамшылық базасы жетилистирилди ҳәм басқа да зәрүр шараятлар жаратылды.
Соның есабынан кәнлерди излеў ҳәм өзлестириў менен шуғылланып атырған исбилерменлер саны 4 есеге көбейди. Усы жылдың өзинде геология жумысларына 180 миллион доллар сырт ел инвестициялары киргизилди, әмелге асырылып атырған жойбарлардың улыўма баҳасы 2 миллиард доллардан асты.
Мәмлекетимиз басшысы есабатты тыңлап, келеси жылы геология-излеў тараўында әмелге асырылыўы керек болған ўазыйпаларды белгилеп берди.
ӨзА