Франция Президенти Эммануэл Макрон Қазақстанға сапарынан соң 2-ноябрь күни Өзбекстанға барады. Бул ҳаққында Елисей сарайына сүйенип, AFR хабар берди.

«Франция бул еки мәмлекетти реформалаў ҳәм модернизациялаў жолында қоллап-қуўатлаўға, халықаралық қатнасықларды диверсифакциялаўға үлес қосыўға, олардың ғәрезсизлиги ҳәм суверенитетин, сондай-ақ, Европа менен қатнасықларды беккемлеў нийетин қоллап-қуўатлаўға таяр»,-делинеди хабарда.

Елисей сарайы Қазақстан ҳәм Өзбекстанды Францияға жақынластырыўдан мақсет «экономикалық тараўда, атап айтқанда, энергетика тараўында, әҳмийетли материаллар жеткерип бериў, транспорт, денсаўлықты сақлаў, аўыл хожалығы ҳәм қорғаныў тараўларында бирге ислесиў» екенин атап өтти.

Еслетип өтемиз, Өзбекстан ғәрезсизлигиниң 32 жыллығы байрамы менен қутлықлаўында Макрон Өзбекстанға баратуғыны ҳаққында мәлим еткен еди. Буннан алдын, 2022-жыл ноябрьде Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев Францияға барған еди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги