Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 26-октябрь күни мәмлекетимизде сапар менен болып турған Қазақстан Республикасы Парламенти Мәжилисиниң Баслығы Ерлан Кошановты қабыллады.

Ушырасыў алдынан Қазақстан Мәжилисиниң баслығы мәмлекетимиз басшысына Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаевтың сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.

Сәўбетте еки тәреплеме қатнасықлардың әҳмийетли мәселелери көрип шығылды. Өзбекстан менен Қазақстан арасындағы стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықлары избе-из беккемленип атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Өз-ара товар алмасыў көрсеткишлери ҳәм қоспа кәрханалардың саны турақлы өсип бармақта, автомобиль қурылысы, тоқымашылық, электротехника, логистика ҳәм басқа да тармақларда кооперация жойбарлары әмелге асырылмақта.

Өзбекстан Республикасы Олий Мәжлиси Нызамшылық палатасы ҳәм Қазақстан Республикасы Парламенти Мәжилиси арасындағы Парламентлераралық кеңестиң бүгинги болып өткен биринши мәжилисиниң жоқары нәтийжелери айрықша атап өтилди.

Жоқары дәрежедеги келисимлерди сөзсиз орынлаў, аймақлар арасындағы бирге ислесиўди ҳәм мәдений-гуманитарлық алмасыўды кеңейтиў мақсетинде тығыз парламентлераралық байланысларды буннан былай да раўажландырыўға айрықша итибар қаратылды.


Нызам дөретиўшилиги жумысы тараўында, өз-өзин басқарыў уйымларын раўажландырыў ҳәм жасларды қоллап-қуўатлаў бағдарында тәжирийбе алмасыў, соның ишинде, жас депутатлар делегацияларының сапарларын шөлкемлестириў бирге ислесиўдиң әҳмийетли бағдары сыпатында белгилеп алынды.

ӨзА