Президент Шавкат Мирзиёев 25-октябрь, Қашқадәрья ўәлаятына сапарының екинши күнинде Қаршы қаласындағы «Қавали» киши санаат зонасында жайласқан бир қатар кәрханалар менен танысты.

Санаат зонасының жер майданы алты гектар болып, инженерлик инфраструктурасы жақсы шөлкемлестирилген, транспортқа оғада қолайлы. Сол себепли өндирис жедел раўажланбақта.

Ҳәзирги ўақытта бул жерде қурылыс материаллары, мебель қурылысы, тоқымашылық, фармацевтика ҳәм былғары санаат бағдарындағы 11 жойбар жайластырылған. Соннан төртеўи иске қосылған болып, импорттың орнын басатуғын өнимлер таярланбақта.

Мәмлекетимиз басшысы олардағы жумыс процесин, өнимлерди көзден өткерди.

«Pegas» кәрханасында темирди қайта ислеў, лак-бояў, есиклер ҳәм текстиль өнимлерин ислеп шығарыў жолға қойылған. Бул жойбардың баҳасы 13 миллиард сумнан аслам болып, бул жерде 150 жаңа жумыс орны жаратылды. Кәрхана өнимлерине ишки базарда талап жоқары. Кейинги басқышта қурылыс тараўында әҳмийетли есапланған басқа да шийки затлар ислеп шығарыў жолға қойылады. Нәтийжеде және сонша жаңа жумыс орны жаратылады.

«1-санлы комплексли жойбарлаў қурылыс-монтажлаў» жеке меншик кәрханасы да қурылыс материалларына қәнигелескен. Улыўма баҳасы 18,5 миллиард сум болған бул жойбар жылына дерлик 2 миллион квадрат метр профнастил ҳәм 250 мың квадрат метр сэндвич панельлер ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе. Кәрханада ҳәзирги ўақытта 45 адам мийнет етпекте. Өним көлеминиң артыўы есабынан келешекте жумыс орынлары санының артыўы мөлшерленбекте.

«Karshi W and D Factory» кәрханасында 50 түрдеги есиклер, жумсақ ҳәм қатты мебельлер ислеп шығарылады. Бул жойбарға 8,5 миллиард сум қаржы қаратылып, Германия, Түркия ҳәм Қытайдан заманагөй технологиялар алып келинип орнатылған. Кәрханада 26 жаңа жумыс орны жаратылды.

Санаат зонасында және жети инвестициялық жойбар әмелге асырылмақта. Олар иске қосылса, және 725 халықтың бәнтлиги тәмийинленеди.

Президентимиз усы жерде Қытай мәмлекетинен келтирилген заманагөй автобус ҳәм микроавтобусларды көзден өткерди. Исбилермен Нарзулло Намозовтың айтыўынша, 60 орынға ийе автобусларға талап жоқары. Қашқадәрьяға оннан 30 ы алып келинген, жәми 100 ге жеткериў режелестирилген. Келешекте бундай қолайлы автобуслар Қаршы – Шаҳрисабз ҳәм Қаршы – Китап жөнелислеринде қатнай баслайды.

Мәмлекетимиз басшысы өнермент-исбилермен Дилором Қувватова менен де сәўбетлести. Узақ жыллар сырт елде жумыс ислеген бул ҳаял исбилерменлерге жаратылып атырған имканиятларды еситип, елимизге қайтып келген. Бүгин оның басшылығында тигилип атырған көрпе-көпшик, тон ҳәм басқа да өнимлер ойпатта өтимли болып есапланады.

Д.Қувватова исбилерменлик ушын жаратылып атырған имканиятлардан қуўанышлы екенин, келешекте жумыс орынларын 300 ге жеткериў мақсет етилгенин айтты.

Усы жерде Қашқадәрья ўәлаятында 2024-жылға мөлшерленген инвестициялық жойбарлардың презентациясы өткерилди. Атап айтқанда, келеси жылы тиккелей сырт ел инвестициясы ҳәм кредитлер есабынан жәми 4 миллиард доллар муғдарында 36 ири жойбар, 656 миллион доллар муғдарында 114 аймақлық жойбар қәлиплестирилген. Олар нефть-газ, химия, тоқымашылық, былғары-аяқ кийим ҳәм қурылыс санааты, туризм, аўыл хожалығы тармақларында болып, тийкарынан, локализациялаў ҳәм қайта ислеўдеги бослықларды толықтырыўға қаратылған.

Буннан кейин, Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында Қашқадәрья ўәлаятын социаллық-экономикалық раўажландырыў илажлары бойынша мәжилис өткерилди.

Дүнья жүзинде қарама-қарсылықлар барған сайын күшейип атырғаны, бийпәрўалық, өзи боладылық кейпияты менен раўажланып болмайтуғынын атап өтти.

– Мәмлекетимиздиң тынышлығы, халқымыз абаданлығы ҳәм келешеги ушын жаңа кәрханалар, жаңа базарлар, инвестиция, жумыс орынлары, үлкен түсимлер керек.

Дүнья базарындағы өзгерислер, бирге ислесиўши мәмлекетлердеги саўда шеклеўлери даўам етеберсе, өнимлерди қай жерге ҳәм қалай сатыў керек? Буның ушын қайсы кәрханаға қандай жәрдем бериў зәрүр, деген – сораўлар қойды Шавкат Мирзиёев.

Усы көзқарастан, мәжилисте тийкарғы итибар санаат, туризм, аўыл хожалығы ҳәм исбилерменликти раўажландырыўға қаратылды.

Мәселен, Дийқанабад, Китап ҳәм Қаршы районларындағы санаат зоналарында 100 гектар жер бос турыпты. Исбилерменлер оларға 300 миллион доллар инвестиция киргизип, 3 мың 500 жумыс орнын жаратыў басламасы менен шыққан. Сондай-ақ, гөш, сүт ҳәм мийўе-овощты қайта ислеў бойынша 50 миллион доллар муғдарында жойбарларды иске қосыў имканияты бар.

Мәмлекет басшысы Қашқадәрья экономикасы тек ғана ири кәрханаларға қарап қалмаўы керек екенин айтты. Ўәлаятта тутыныў товарларын ислеп шығарыўда өсиў пәтлери республика көрсеткишинен 3 есеге аз. Әсиресе, киши бизнестиң санааттағы үлеси ең кейинги орынларда.

Мәселен, Қашқадәрьяда жылына 150 мың тонна полиэтилен грануласы ислеп шығарылса да, оның дерлик 4 проценти ўәлаяттың өзинде қайта исленеди. Қамашыда цемент, гипс ҳәм мрамор, Шаҳрисабзда графит, Яккабағда кварц қумы, Шыршықта марганец, Китапта доломит ҳәм шийше кәнлери негизинде көп өнимлер ислеп шығарыў мүмкин.

Ўәлаятта жылдың төрт мәўсиминде де туристлерди тартыў потенциалы бар. Бирақ бул ҳәзирги ўақытта Шаҳрисабз қаласы ҳәм таўлы районлар менен шекленген. Жылдың басынан берли Қашқадәрьяға 180 мың сырт ел туристи келген ҳалда, қоңсы Самарқанд ҳәм Бухараға 3,5 миллион келген.

Мәмлекетимиз басшысы қолайлы инфраструктура жаратып, туристлерди көбейтиў жолларын көрсетип өтти.

Атап айтқанда, германиялы бирге ислесиўшилер менен Шаҳрисабз районындағы 3 туризм мәҳәллесиниң мастер-режеси таярланған. Онда, 450 миллион доллар қосымша инвестиция ҳәм жылына 1 миллион турист тартатуғын инфраструктура жаратылады. Оның есабынан Шаҳрисабздың өзинде жылына қосымша 500 миллиард сум түсим күтилмекте, 5 мың жаңа турақлы жумыс орны пайда болмақта.

Усы мақсетте Шахрисабз аэропортында пуқаралық авиация жолға қойылады. 1-январьдан баслап, ол жерден Самарқанд, Бухара, Хорезм ҳәм ойпат ўәлаятларына жергиликли рейслер көбейтиледи. Ташкент – Қаршы жөнелисинде  авиарейслер ҳәптесине 2 мәртеден 7 мәртеге шекем арттырылады. Нәтийжеде авиабилетлердиң баҳасы 2 есеге арзанлаўы, сырт ел ҳәм жергиликли туристлер 3 есеге көбейиўи мөлшерленген.

Сондай-ақ, ўәлаятқа автотранспортта келиўди қолайластырыў мақсетинде «Тахтақорача» өткелинен өтиў талаплары жеңиллестириледи. Келеси жылы өткелде жаңа туннель ҳәм жол қурыў жойбары басланады. Самарқанд пенен Шахрисабзды байланыстыратуғын 30 километр жол ҳәм Ғузар – Бухара жолының 100 километр бөлеги оңланады.

Улыўма етип айтқанда, келеси жылы сырт елли туристлерди 500 мыңға жеткериў ўазыйпасы қойылды.

Аўыл хожалығында да потенциал үлкен. Қашқадәрья республикада ең көп дән ҳәм пахта жеткерип береди. Бирақ ўәлаятта жумыс орнын көп жарататуғын гезлеме тоқыў 30 проценттен артпайды, гезлемени бояў жолға қойылмаған. Буның есабынан қосымша 60 мың жас ҳәм ҳаял-қызларды бәнт етип, 500 миллиард сум түсимди тәмийинлеў мүмкин.

Сол себепли келеси жылы ўәлаятта 370 миллион доллар муғдарында 33 ири жойбар иске қосылады. Бул арқалы таяр трикотаж өнимин ислеп шығарыў 1,6 есеге, гезлеме ислеп шығарыў 3,1 есеге артып, 8 мың жумыс орны жаратылады.

Ўәлаятта Тоқымашылық технопаркин шөлкемлестириў ҳәм ол жерге Европаның белгили брендлерин алып келиў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Ўәлаятта 1,4 миллион гектар жайлаў бар. Бул – 7 миллион бас қарамал ҳәм қой-ешки ушын тәбийғый от-жем базасы. Бирақ Миришкар, Мубәрек ҳәм Нишонда 20 процент жайлаў деградацияға ушыраған, және 25 процентинде қаплама жоқ.

Сол себепли, келеси жылы 100 мың гектар жайлаўды жасыл егинлер менен қаплаў бағдарламасының әмелге асырылатуғыны айтылды. Онда қурғақшылық, ыссы ҳәм шөллениўге қарсы туқымгершилик хожалықлары шөлкемлестириледи, мийўе-овощ ҳәм дәрилик өсимликлер егиледи, терекзарлықлар қурылады, суўды үнемлейтуғын технологиялар енгизиледи. Қуяш энергиясында ислейтуғын насослар орнатылып, тамшылатып суўғарыў пилот жойбары иске қосылады.

Буннан тысқары, Шарўа маллары генетикалық изертлеў лабораториясы шөлкемлестирилип, Испанияның «Ассаф» қойларынан жаңа миллий нәсилли қойлар көбейтиледи.

Жуўапкерлерге 1,4 миллион гектар жайлаўдың электрон картасын жаратыў ҳәм 100 мың халықты бәнт етиў бойынша тапсырмалар берилди.

Президент егинлерди суў менен тәмийинлеў мәселеси жылдан-жылға қыйынласып атырғанына тоқтап өтти. Бул машқала Қашқадәрья ушын оғада әҳмийетли. Бирақ суўды үнемлейтуғын технологиялар 515 мың гектардың дерлик 16 процентинде енгизилген.

Сол себепли ўәлаятқа 15 лазерли тегислеў техникасы алып келинип, суў тәмийнаты аўыр Косон, Миришкар, Касби ҳәм Нишонда дийқанларға арзан ҳәм сапалы хызмет көрсетиў жолға қойылады.

Суўғарыў тармағын басқышпа-басқыш жабық системаға өткерип, 30 процент суўды үнемлеў мүмкин екени көрсетип өтилди. Жуўапкерлерге каналларды бетонлаў, қосымша насос ҳәм техника алыў, «Пахтаабад» каналын модернизациялаў бойынша көрсетпелер берилди.

Жаслар менен ислесиў мәселесине айрықша итибар қаратылды. Ўәлаятта электротехника, азық-аўқат ҳәм қурылыс материаллары сыяқлы тараўлар ушын кадрлар таярлаў жақсы жолға қойылмағаны көрсетип өтилди. Мәселен, Қаршы қаласынан тысқары басқа бирде-бир районда IT орайларының жумысы жолға қойылмаған. 60 колледждиң бос турған майданларында ҳәм өндирис, ҳәм әмелий билимлендириўди жолға қойса болады.

Президент китаплы исбилерменниң IT кластер ҳәм университет ашыў басламасын мақуллады.

Ўәлаят ҳәм район ҳәкимлерине ҳәр бир райондағы жумыс бериўшилердиң орта буўындағы қәнигелерине талапты анықлаў, билимлендириў мәкемелеринде жумыс бериўшилердиң әмелий устаханасы ҳәм цехлерын ашыў тапсырылды. Бул жумысларға 30 миллиард сум ажыратылады.

Оазис халқының 42 процентинде артықша салмақ машқаласы себепли жүрек-қан тамыр ҳәм қантлы диабет кеселлиги көбейгени атап өтилди. Президент бул жағдайдан тәшўишленип, саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаўды күшейтиў ҳәм ўәлаятта денсаўлықты сақлаў системасының потенциалын арттырыў зәрүр екенлигин атап өтти.

Сондай-ақ, россиялы бирге ислесиўшилер менен Китапта заманагөй кардиология орайы қурылады. Мобиль поликлиникалар хызмети жолға қойылады, ўәлаятлық көп тармақлы медицина орайы негизинде 600 орынға ийе заманагөй клиника шөлкемлестириледи.

Қашқадәрья ўәлаятының ҳәкими М.Азимов келеси жылы 1 миллиард доллар муғдарында инвестиция алып келип, санаатта 40 триллион сум өним ислеп шығарыў, 500 миллион доллар экспортты әмелге асырып, 200 миллион доллар импортты қысқартыў, 500 мың сырт елли туристлерди тартып, 550 мың халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша режелерди мәлим етти.

Мәжилисте көтерилген ҳәр бир мәселе бойынша министрлер ҳәм ҳәкимлер теңдей есабат берди.

Соның менен мәмлекетимиз басшысының Қашқадәрья ўәлаятына сапары жуўмақланды.

Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,

Икром АВВАЛБОЕВ,

ӨзАның хабаршылары