Усы жыл 25-октябрь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында Ишки ислер уйымлары хызметкерлериниң кәсиплик байрамына бағышланған салтанатлы мәжилис болып өтти.
Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери атқарылды.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев шығып сөйлеп, ишки ислер уйымларының хызметкерлерин, ветеранларды кәсиплик байрам менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси атынан қутлықлады.
Атап өтилгениндей, халқымыздың тынышлығын ҳǝм абадан турмысын тǝмийинлеў, жынаятшылық ҳǝм ҳуқықбузарлыққа қарсы гүресиў, жǝмийетлик тǝртипти сақлаў ҳǝм қǝўипсизликти тǝмийинлеў – бул усы елде жасап ҳəм мийнет етип атырған ҳəр бир инсанға бахыт алып келетуғын əхмийетли өлшемлерден саналады. Сонлықтан да, соңғы жыллары елимизде Президентимиздиң басшылығында ишки ислер уйымларының жумыс нәтийжелилигин буннан былай да арттырыў, ишки ислер уйымларын инсаныйлық ҳәм халықшыл системаға айландырыў, тараўда ашық-айдынлық ҳәм жәриялылық орталығын күшейтиў, бул жолда аянбай мийнет етип атырған тараў хызметкерлерин қоллап-қуўатлаў мəселелерине мəмлекетлик дəрежеде итибар қаратылмақта.
Әлбетте, халқымыздың исенимин ақлап, олардың тыныш-татыў ҳәм абадан турмысын тәмийинлеў, кеңпейил халқымызға, бийғəрез елимизге ҳәм Президентимизге садықлық пенен хызмет етиў – бул Ишки ислер тараўында хызмет етип атырған ҳәр бир инсан ушын үлкен бахыт есапланады.
Президентимиздиң 2022-жыл 22-апрельдеги “Қарақалпақстан Республикасында жамийетлик тәртипти тәмийинлеў хәм жынаятшылыққа қарсы гүресиў саласында ишки ислер уйымларыныӊ күшлерин басқарыўдыӊ жаӊа системасын енгизиў ҳаққында”ғы қарары түпкиликли өзгерислер менен жаңаланыўларға тийкар болмақта. Мине, усы қарар тийкарында жаңа имканиятлар есиги ашылып, бурын болмаған көплеген жеӊилликлер жаратылмақта.
Атап айтқанда тек ғана Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги ушын басқа ҳеш бир аймақта болмаған арнаўлы фонд шөлкемлестирилди. Республикамыз аймағының үлкенлигин есапқа алып, өткен жылы Қоңырат ҳəм Беруний районларында, мине жақында ғана Шымбай районында регионаллық муўапықластырыў орайлары жумыс баслады ҳəм орай баслықларының статусы Ишки ислер министриниң орынбасары лаўазымына теңлестирилди. Сондай-ақ, тәжирийбе тийкарында қала ҳәм район аймақларында қағыйдабузарлықлар ушын иркилген автотранспорт қуралларын ўақтынша сақлаў жәрийма майданшаларын қурыў ҳәм буннан түскен қаржылар ҳәкимликлер менен Ишки ислер министрлиги арасында тендей бөлистирилиўи белгиленди. Бүгинги күни министрликтиң жаңа имаратының қурылыс жумыслары баслап жиберилди. Министрликтиӊ жол патруль ҳәм патруль пост хызметине жаӊа 120 штат бирлиги, 35 киши оператив ўәкил штаты ажыратылды. Сондай-ақ, министрликтиң муўапықластырыў орайы ҳәм Қоңырат районлық ишки ислер бөлиминиң имаратлары қурылмақта.
Өткен қысқа ўақыт ишинде министрликтиӊ Орайлық аппаратының ҳәкимшилик имаратында реконструкция жумыслары алып барылып, Нөкис қалалық ишки ислер уйымларының жумысларын муўапықластырыў басқармасының ҳәкимшилик имараты капитал оңлаўдан шығарылды, Жол-патруль хызмети батальонының жаңа имараты пайдаланыўға тапсырылған болса, Бозатаў, Елликқала ҳәм Тақыятас районлық ишки ислер бѳлимлери ҳәкимшилик имаратлары капитал оңлаўдан шығарылды. Быйылғы жылдың өзинде 1,5 миллиард сум қаржы есабынан ишки ислер уйымларының материаллық-техникалық базасы беккемленди.
Жоқарыдағылар менен бир қатарда, тараў хызметкерлерин хошаметлеў ҳәм шаңарақ ағзаларына қолайлы шараятлар жаратыў мақсетинде 2022-2023-жыллары ишки ислер уйымларында хызмет етип атырған 106 хызметкер турақ жай менен тәмийинленген болса, быйылғы жылы ҳуқықбузарлық профилактикасы ҳәм жынаятшылыққа қарсы гүресиўде мүнәсип үлес қосқан
95 хызметкердиң 103 перзенти жоқары оқыў орынларына жеңилликлер менен оқыўға кириў бахтына миясар болды.
Бүгинги күнде дүнья еллери арасында болып атырған өз-ара қарама-қарсылықлар бизден ҳәр қашанғыдан да сергек ҳәм қырағы болыўды талап етпекте. Елимизде жаратылған пүткиллей жаңаша жумыс усыллары менен бир тутас ҳуқықый система тийкарында ең тийкарғы байлығымыз болған тынышлықты, миллетлер аралық татыўлықты сақлаў, жынаятшылыққа қарсы гүресиў ҳәм олардың алдын алыў, халқымыздың бахытлы ҳәм абадан турмысын тәмийинлеў жолында хызмет етиў əдиўли миннет болып табылады.
Салтанатлы илажда елимизде пуқаралардың абадан турмысын тәмийинлеў, жынаятшылыққа қарсы гүресиўде минсиз хызмет атқарып киятырған бир топар тараў хызметкерлерине Қарақалпақстан Республикасының ҳүрметли атағы ҳәм көкирек белгилери салтанатлы жағдайда тапсырылды.
Қатнасыўшыларға көркем өнер шеберлери атқарыўындағы концерт бағдарламасы қойып берилди.
Илажға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов қатнасты.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы