Қаршы қаласында Президент Шавкат Мирзиёевтиӊ басшылығында Қашқадәрья ўәлаятын социаллық-экономикалық раўажландырыў мәселелери бойынша мәжилис болып өтпекте.
Мәжилисте ўәлаят жаслары менен ислесиў мәселеси де додаланды.
Соӊғы жыллары ўәлаятта жаӊадан пайда болған электротехника, азық-аўқат ҳәм қурылыс материаллары сыяқлы тараўлар ушын кадрлар таярлаў жақсы жолға қойылмағаны көрсетип өтилди.
Мысалы, Қаршы қаласынан тысқары басқа бирде-бир районда IT орайларыныӊ жумысы жолға қойылмаған. Атап айтатуғын болсақ, 60 колледжде бос турған 28 мыӊ квадрат метр майданда ҳәм өндирис, ҳәм әмелий билимлендириўди жолға қойса болады.
Мине, усындай бос турған имарат тийкарында китаплы исбилермен IT кластер ҳәм университет ашыў басламасы менен шыққан. Президент бул усынысты мақуллады.
Ўәлаят ҳәм район ҳәкимлерине ҳәр бир райондағы жумыс бериўшилердиӊ орта буўыны қәнигелерине мүтәжлигин анықлаў, колледж ҳәм техникумлардыӊ жыл даўамында қайсы кәсип бойынша неше қәниге таярлаўы керек екенлигин белгилеп бериў ҳәм билимлендириў шөлкемлеринде жумыс бериўшилердиӊ әмелий устаханасы ҳәм цехларын ашыў тапсырылды.
ӨзА