Президент егинлерди суў менен тәмийинлеў мәселеси жылдан-жылға барған сайын қыйынласып атырғанына итибар қаратты. Бул машқала Қашқадәрья ушын айрықша әҳмийетли.

Бирақ суўды үнемлеўши технологиялар 515 мың гектардан тек ғана 16 процентинде енгизилген. Суўды үнемлеўши технологияларды енгизиў пәти Китап, Шырақшы, Касби ҳәм Нышанда артта қалып кетпекте. Косон, Миришкор, Касби ҳәм Нышанда жерди лазерли тегислеўге итибар берилмей атыр.

Соның ушын, ўәлаятқа 15 лазерли тегислеў техникасы алып келинип, суў тәмийнаты аўыр Косон, Миришкор, Касби ҳәм Нышанда дийқанларға арзан ҳәм сапалы хызмет көрсетиў жолға қойылады.

Суўғарыў тармағын басқышпа-басқыш жабық системаға өткерип, 30 процент суўды үнемлеў мүмкин екенлиги көрсетип өтилди.

ӨзА