Қаршы қаласында Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында Қашқадәрья ўәлаятын социаллық-экономикалық раўажландырыў мәселелери бойынша мәжилис болып өтпекте.
Атап өтилгениндей, Қашқадәрья республикада ең көп дән ҳәм пахта жеткерип береди.
Бирақ ўәлаятта жумыс орнын көп жарататуғын гезлеме тоқыў 30 проценттен артпайды, гезелемени бояў жолға қойылмаған. Оның есабынан қосымша 60 мың жас ҳәм ҳаял-қызларды бәнт етип, 500 миллиард сум түсимди тәмийинлеў мүмкин.
Соның ушын келеси жыл даўамында ўәлаятта 370 миллион долларлық 33 ири жойбар иске қосылады. Бул арқалы таяр трикотаж өнимин ислеп шығарыў 1, 6 есеге, гезлеме ислеп шығарыў 3,1 есеге артып, 8 мың жумыс орны жаратылады.
Ўәлаятта Тоқымашылық технопаркин шөлкемлестириў ҳәм ол жерге Европаның белгили брендлерин алып келиў тапсырылды.
Президент быйылғы мәўсимнен дурыс сабақлар шығарып, аўыл хожалығындағы қатнасларды да өзгертиў ўақты келгенин көрсетип өтти ҳәм ҳәзирги ўақытта келеси жылдан баслап фермерлерге кластерлерди еркин таңлаў ҳәм өнимниң шәртанамадан артықша бөлегин еркин сатыў имканиятын бериў мәселеси додаланып атырғанын айтты.
ӨзА