Қаршы қаласында Президент Шавкат Мирзиёевтиӊ басшылығында өткерилип атырған мәжилисте Шаҳрисабз аэропортында пуқаралық авиациясы жолға қойылатуғыны атап өтилди.
1-январьдан баслап Шаҳрисабз эропортына жаӊа ATR самолётыныӊ пәрўазлары жолға қойылып, Самарқанд, Бухара, Хорезм ҳәм ойпатлық ўәлаятларына жергиликли рейслер көбейтиледи. Ташкент–Қаршы жөнелисиндеги авиарейслер ҳәптесине 2 мәртеден 7 мәртеге арттырылады.
Нәтийжеде, авиабилетлердиӊ баҳасы 2 есеге арзанласады, сырт елли ҳәм жергиликли саяхатшылар ағымы болса 3 есеге көбейеди.
Жуўапкерлерге “Тахтақорача” өткелинен өтиў талапларын жеӊиллестириў тапсырылды.
Келеси жылы “Тахтақорача” өткелинен жаӊа туннель ҳәм жол қурыў жойбары басланады. Қытайлы инвесторлар менен бирге Самарқанд пенен Шаҳрисабзды байланыстырыўшы 30 километр жолды оӊлаў жумыслары басланады.
Сондай-ақ, “Ғузар–Бухара–Нөкис–Бейнеу” жолыныӊ Қашқадәрьядан өткен 100 километр бөлегин оӊлаўға 122,5 миллион доллар ажыратылады.
Келеси жылы улыўма, сырт елли саяхатшыларды 500 мыӊға жеткериў ўазыйпасы қойылды.
ӨзА