29-сентябрь күни Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатыныӊ қырқ бесинши жалпы мәжилиси өз жумысын баслады.

Онда Сенат, ҳүкимет ағзалары, министрлик ҳәм уйымлардыӊ ўәкиллери, Сенат жанындағы Жаслар парламенти ағзалары ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.

Видеоконферецбайланыс тәризинде өткерилген жалпы мәжилисти Олий Мажлис Сенаты Баслығы Танзила Норбоева алып барды.

Жалпы мәжилис Сенаттыӊ YouTube тармағындағы бети арқалы тиккелей жарытып барылды.

Сенаторлар тәрепинен дәслеп “Педагогтыӊ статусы ҳаққында”ғы нызам сенаторлардыӊ қызғын талқылаўына себеп болды.

Усы нызам тийкарында педагоглардыӊ өзиниӊ кәсиплик жумысын жүргизиўи ушын шөлкемлестириў­-ҳуқықый шараятлар жаратылып, олардыӊ социаллық қорғалыўы тәмийинлениўи  ҳәм ҳуқықлары әмелге асырылыўы ушын кепилликлер берилиўи арқалы Өзбекстан Республикасында педагогтыӊ статусы тән алынады.

Нызамда педагоглар өзиниӊ кәсиплик жумысын әмелге асырыўы ушын олардыӊ ҳуқықлары қатаӊ белгилеп қойылмақта. Атап айтқанда, педагоглар кәсиплик жумысын әмелге асырыўы ушын зәрүр шараяталар жаратылыўын талап етиўи, нызамшылық ҳүжжетлерине муўапық дөретиўшилик дем алыс алыўы, билимлендириў шөлкемин басқарыўда, сондай-ақ билимлендириў шөлкемлериниӊ жумысы менен байланыслы мәселелерди талқылаўда қатнасыў, өзиниӊ кәсиплик жумысына нызамсыз түрде араласыўдан қорғаныў ҳәм билим алыўшылар ҳәм олардыӊ ата-аналары (нызамлы ўәкиллери) тәрепинен педагогтыӊ кәсибине ҳүрмет пенен мүнәсибетте болыўын талап етиў ҳуқықларына ийе болады.

Соныӊ менен бирге, нызамға педагогтыӊ өзниӊ кәсиплик жумысын әмелге асырыўы ўақтында педагогтыӊ кәсиплик жумысына араласыў, педагогты кәсиплик жумысы менен байланыслы болмаған жумысларға тартыў, гүз-қыс дәўиринде ҳәм жумыс ислемейтуғын байрам күнлеринде билимлендириў шөлкеминде нәўбетшиликке тартыў, педагогқа товарлар ҳәм хызметлерди сатып алыў миннетлемесин жүклеў, сондай-ақ лаўазым мийнет ҳақысынан оныӊ келисимисиз товарлар ҳәм хызметлер ушын қаржы услап қалыў сыяқлы қадаған етилген жағдайлар киргизилмекте.

Буннан тысқары, нызамда педагогикалық этика қағыйдалары, педагогларды таярлаў, қайта таярлаў ҳәм тәжирийбесин арттырыў, олардыӊ аттестациядан өтиўи ҳәм маманлық категорияларын алыўы белгиленбекте. Педагогикалық этика қағыйдалары билимлендириў шөлкемлери ушын Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги, Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги тәрепинен ислеп шығылады.

Және еӊ әҳимийетли тәреплеринен бири, педагогтыӊ мийнетине ҳақы төлеў бойынша қағыйдалар беккемленбекте. Оған бола, мийнеттиӊ айрықша шараятларында, республиканыӊ алыс аймақларында ҳәм айрықша билимлендириў мүтәжликлери болған балалар ушын қәнигелестирилген билимлендириў шөлкемлеринде жумыс ислеп атырған педагогларға үстемелер белгилеў нәзерде тутылмақта, илим кандидаты ямаса философия докторы (PhD) ушын базалық лаўазым мийнет ҳақысыныӊ 30 процентине шекем, илим докторы (DSc) ҳәм профессор илимий дәрежесине ийе шахслар ушын базалық лаўазым мийнет ҳақысыныӊ 60 процентине шекем ҳәр айлық үстеме төлениўи нызамда айрықша көрсетип өтилмекте.

Сондай-ақ, педагогларды социаллық қорғаў кепилликлери нәзерде тутылмақта. Соныӊ ишинде, педагоглар ушын қысқартылған жумыс ўақты, даўамлылығы көби менен елиў алты календарь күнинен ибарат болған ҳақы төленетуғын ҳәр жылғы тийкарғы узайтылған мийнет дем алысы, оларға республиканыӊ алыс аймақларында турақ-жайларды ижараға алғанлығы ушын ҳәр айлық компенсация төлениўи, кәсип ийелериниӊ перзентлери мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерине жеӊилликли дизимге тийкарланып қабыл етилиўи, мәмлекетлик денсаўлықты сақлаў шөлкемлеринде мәмлекетлик билимлендириў шөлкемлериниӊ педагогларын мәжбүрий бийпул медициналық тексериўден өткериў белгиленбекте.

Сенаторлар усы нызамныӊ қабыл етилиўи педагог хызметкердиӊ жәмийеттеги абырайын көтериў, оныӊ жумысы менен байланыслы ҳуқықый, социаллық ҳәм экономикалық қатнасықларды тәртипке салыў ҳәм кәсиплик жетилисиўи ушын шараят жаратыў ҳәм ҳуқықый кепилликлерди тәмийинлеўге хызмет ететуғынын атап өтти.

Додалаў жуўмағында нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Буннан соӊ, жалпы мәжилисте “Фармацевтика жумысыныӊ жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасыныӊ айырым нызам ҳүжжетлерине қосымша ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында ”ғы нызам додаланды.

Бүгинги күнде мәмлекетимизде халықты сапалы, нәтийжели ҳәм қәўипсиз фармацевтика өнимлери менен тәмийнлеў, фармацевтика тармағына еӊ алдыӊғы илимий-техника жетискенликлерин ҳәм инновацияларды енгизиў, тармақта өндирис көлемин арттырыў бойынша избе-из жумыслар әмелге асырылмақта.

Соныӊ менен бирге, тармақтыӊ инвестициялық өзине тартымалығын еле де арттырыў, мәмлекетимизде донор қанынан дәри  өнимлерин ислеп шығарыўды жолға қойыў, фармакологиялық қураллар ҳәм дәри қуралларыныӊ клиникалық изертилеўлерди өткериў тәртибин жетилистириў мақсетинде тармақтағы айырым шеклеўлерди бийкарлаў, сондай-ақ, дәри қуралларын ҳәм фармацевтика өнимлерин дизимнен өткериў шәртлерин қайта көрип шығыў зәрүрлиги жүзеге келген.

Усы нызам менен “Дәри қураллары ҳәм фармацевтика жумысы ҳаққында”ғы  Өзбекстан Республикасы нызамына фармакологиялық қураллардыӊ ямаса дәри қуралларыныӊ клиникалық изертеўлеринде саламат шахслардыӊ келисимли түрде қатнасыўы, жергиликли ислеп шығарыўшылар ушын дәри өнимлериниӊ, медициналық буйымлардыӊ ҳәм медициналық техниканыӊ дизимнен өткерилегенлик гүўалықларыныӊ әмел етиў мүддетлерин өзгертиў ушын имканиятты нәзерде тутатуғын, сондай-ақ, бир ислеп шығарыўшыныӊ түрли саўда атамалары астындағы, қурамы бир қыйлы дәри элементлеринен ибарат болған дәри қуралларын дизимнен өткериў ушын шараятлар жарататуғын қосымша ҳәм өзгерислер киргизилмекте.

Буннан тысқары, “Қан ҳәм оныӊ қурамлық бөлеклери донорлығы ҳаққында”ғы нызамға донор қаны ҳәм оныӊ курамлық бөлеклеринен фармацевтика өнимлерин ислеп шығарыўға қәнигелестирилген фармацевтика шөлкемлерине донор қаны ҳәм оныӊ қурамлық бөлеклерин жеке тәртипте топланыўы, таярланыўы, қайта ислениўди ҳәм сақланыўды әмелге асырыўға рухсат беретуғын өзгерислер киргизилмекте.

Сенаторлардыӊ атап өтиўинше, нызам қан препаратларына болған мүтәжликти жергиликли ислеп шығарыў есабынан қаплаўға, дәри қуралларыныӊ жаӊа түрлерин ислеп шығарыўды тәмийинлеўге хызмет етеди.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Сондай-ақ, гезектеги жалпы мәжилистиӊ биринши жумыс күнинде “Жер ҳаққындағы нызамшылықтыӊ жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасыныӊ айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы нызам сенаторлар тәрепинен көрип шығылды.

Додаланған бул нызам басқаныӊ жер участкасынан шекленген тәризде пайдаланыў (сервитут) ҳуқықын әмелге асырыў тәртибин, жер ижарасы менен байланыслы қатнасықларды ҳәм меншиклестирилген жер участкаларына байланыслы қағыйдаларды жетилистириўге қаратылған бир қатар нормаларды өз ишине алған.

Нызамда ижараға алынған аўыл хожалығына мөлшерленбеген жер участкалары ҳуқық ҳәм миннетлемелер менен бирге ижараға бериўшиниӊ келисими тийкарында басқа шахсқа өткерилиўи ( қайта ижараға бериў)  мүмкинлиги белгиленбекте.

Сондай-ақ, физикалық ҳәм юридикалық тәреплерден электрон онлайн-аукцион арқалы алынған аўыл хожалығына мөлшерленбеген жер участкаларына байланыслы ҳуқық ҳәм миннетлемелер басқа шахсқа ижара мүддетинен аспаған мүддетте өткерилиўи ( қайта ижараға бериў) мүмкин екенлиги нәзерде тутылмақта.

Буннан тысқары, нызамда басқаныӊ жер участкасынан пайдаланыўда шекленген тәризде пайдаланыў ҳуқықы, яғный сервитут белгиленген жер участкаларына болған ҳуқықлар басқа шахсқа өткен жағдайда да сервитут сақланып қалыўы. сервитут алды-сатты, саўға, гиреў ямаса ижараныӊ еркин предмети болыўы мүмкин емеслиги белгиленбекте.

Сервитуттыӊ жер ийесин, жерден пайдаланыўшы, жер участкасыныӊ ижарашысы ҳәм мүлк ийесин усы жер участкасына ийелик етиў, оннан пайдаланыў ҳәм оған ийелик етиў ҳуқықынан айырмаў нәзерде тутылмақта.

Сенаторлар бул нызамныӊ қабылланыўы ижара қатнасықларын және де кеқейтиўге, сервитут белгилеў менен байланыслы қатнасықларды ҳуқықый жақтан тәртипке салыўға, жер ийелери, жерден пайдаланыўшылар, жер участкалары ижарашылары ҳәм мүлк ийелериниӊ ҳуқықлары исенимли қорғалыўына хызмет ететуғынлығын айрықша атап өтти.

Додалаў даўамында сенаторлар бул нызамныӊ әҳмийетли екенлигин ҳәм зәрүрлигин итибарға алып, оны мақуллады.

Усыныӊ менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатыныӊ қырық бесинши жалпы мәжилисиниӊ биринши жумыс күни жуўмақланды.

Өзбекстан Республикасы

Олий Мажлиси Сенаты

Мәлимлеме хызмети

Қарақалпақстан хабар агентлиги