Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Қатар Әмири шейх Тамим бин Ҳамад Ол Сонийдиң мирәт етиўине бола 1-2-октябрь күнлери мәмлекетлик сапар менен усы мәмлекетте болды.

2-октябрь күни Доха қаласындағы «Әмири Девон» комплексинде Өзбекстан Республикасы Президентин рәсмий күтип алыўға бағышланған салтанатлы мәресим болып өтти.

Өзбекстан жетекшиси Шавкат Мирзиёевти Қатар Әмири шейх Тамим бин Ҳамад Ол Соний қызғын күтип алды.

Жоқары мәртебели мийман ҳүрметине ҳүрметли қараўыл сап тартты. Әскерий оркестр еки мәмлекеттиң гимнлерин атқарды.

Мәмлекет басшылары ҳүрметли қараўыл қатарының алдынан өтти ҳәм рәсмий делегациялар ағзаларын қутлықлады.

«Әмири Девон» комплексинде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Қатар Мәмлекети  Әмири шейх Тамим бин Ҳамад Ол Сонийдиң еки мәмлекет рәсмий делегациялары қатнасыўындағы сөйлесиўлери болып өтти.

Мәмлекетимиз басшысы Қатар Әмирине сапар менен келиў усынысы ҳәм Өзбекстан делегациясына көрсетилип атырған миймандослық ушын миннетдаршылық билдирди.

Сиясий қарым-қатнасты және де беккемлеў, саўда-экономикалық, инвестициялық бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм мәдений-гуманитарлық алмасыўды жеделлестириў мәселелери көрип шығылды.

Қатар Әмири усы жылы июнь айында Самарқандқа әмелге асырған тарийхый сапар мәмлекетлеримиздиң қатнасықларында жаңа басқышты баслағаны атап өтилди. Өзбекстан менен Қатар арасындағы бирге ислесиўди және де жоқары, стратегиялық шериклик дәрежесине алып шығыўға исенимли умтылыў билдирилди.

Ҳәр қыйлы дәрежелерде сөйлесиўлер жеделлескени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Өз-ара саўда көлеми артпақта, еки мәмлекет пайтахтлары арасында авиақатнаўлар жолға қойылды. Қатардың ири компаниялары менен биргеликтеги жойбарлар басланды.

Сапар алдында Дохада Өзбекстан елшиханасы ашылды, оның жумысы нәтийжели шерикликти белсене раўажландырыўға күшли пәт бағышлайды.

Қатарда табыслы әмелге асырылып атырған ҳәм Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясының мақсет ҳәм ўазыйпаларына үнлес болған «Нигоҳ 2030» мәмлекетлик бағдарламасына жоқары баҳа берилди.

Тәреплер саўда көрсеткишлерин есесине арттырыў, дәстүрий ҳәм «жасыл» энергетика, нефть-химия, металларды терең қайта ислеў, аўыл хожалығы, қурылыс, туризм, қаржы ҳәм басқа да тараўларда биргеликтеги инвестициялық жойбарларды әмелге асырыўға таяр екенлигин билдирди.

Исбилерменлик байланысларын жеделлестириў ушын 2024-жыл январь айында Дохада биргеликтеги Ҳүкиметлераралық комиссия, Исбилерменлер кеңесиниң биринши мәжилислери ҳәм бизнес-форумын өткериў усыныс етилди.

Мәденият, билимлендириў ҳәм туризм тараўларындағы алмасыўды кеңейтиўге қаратылған ҳәрекетлерди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Өзбекстан Қатардың илимий ҳәм билимлендириў мәкемелери менен бирге ислесиўди тереңлестириў, биотехнологиялар ҳәм жасалма интеллект, «жасыл» энергетика бағдарында биргеликте изертлеўлер өткериўден мәпдар екени атап өтилди. Дохада Өзбекстан мәденияты ҳәм туризм ҳәптелигин өткериўге келисип алынды.

Глобал ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе әҳмийетли мәселелер де додаланды.

Трансаўған темир жолын қурыў жойбарын әмелий алға қойыў мәселелерин қоллап-қуўатлаў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Тәреплер Аўғанстанда тынышлық ҳәм турақлылықты тәмийинлеў ушын аўған халқына гуманитарлық жәрдем көрсетиўди даўам еттириў зәрүр екенлиги ҳаққында бирдей пикир билдирди.

Ушырасыў жуўмағында мәмлекет басшылары бир қатар биргеликтеги «жол карта»ларын таярлаў ҳәм ерисилген келисимлерди нәтийжели жүзеге шығарыў механизмлерин жаратыў тапсырмасын берди.

Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Қатар Әмири шейх Тамим бин Ҳамад Ол Сонийдиң сөйлесиўлеринен соң еки тәреплеме ҳүжжетлерге қол қойыў мәресими болды.

Атап айтқанда, бирге ислесиўдиң ҳәр қыйлы тараўларын қамтып алыўшы төмендеги ҳүжжетлерге қол қойылды:

– Өзбекстан Республикасы Ҳүкимети ҳәм Қатар Мәмлекети Ҳүкимети арасында туризм ҳәм исбилерменлик илажлары тараўындағы бирге ислесиў ҳаққында келисим;

– Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Социаллық қорғаў миллий агентлиги ҳәм Қатар Мәмлекети Социаллық раўажланыў ҳәм шаңарақ министрлиги арасында бирге ислесиў ҳаққында меморандум;

– Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги ҳәм Қатар Мәмлекети Ишки ислер министрлиги арасында өз-ара түсинисиў меморандумы;

– Өзбекстан Республикасы Тиклениў ҳәм раўажланыў қоры ҳәм Қатар Мәмлекети Инвестиция агентлиги арасында инвестициялық бирге ислесиў ҳаққында өз-ара түсинисиў меморандумы;

– Өзбекстан Республикасы Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги ҳәм Қатар Мәмлекети Ҳәкимшилик қадағалаў ҳәм ашық-айдынлық басқармасы арасында өз-ара түсинисиў меморандумы.

Буннан тысқары, сапар шеңберинде төмендеги келисимлерге ерисилди:

– Өзбекстан Республикасы  Дин ислери комитети ҳәм Доха динлераралық қарым-қатнас халықаралық орайы арасында өз-ара түсинисиў меморандумы;

– Өзбекстан Республикасы Инсан ҳуқықлары бойынша миллий орайы ҳәм Қатар Мәмлекети Инсан ҳуқықлары бойынша миллий комитети арасында өз-ара түсинисиў меморандумы;

– Өзбекстан Республикасы Саўда-санаат палатасы ҳәм Қатар Мәмлекети Саўда-санаат палатасы арасында биргеликтеги исбилерменлер кеңесин дүзиў ҳаққында келисим;

– Өзбекстан Республикасы Саўда-санаат палатасы ҳәм Қатар Мәмлекети Саўда-санаат палатасы арасында өз-ара түсинисиў меморандумы.

Президент Шавкат Мирзиёев усы күни Доха қаласында өзине ажыратылған резиденцияда Қатар Мәмлекетиниң бурынғы Бас министри, мәмлекеттеги бир қатар ири инвестиция ҳәм санаат холдинглериниң тийкарын салыўшысы Ҳамад бин Жассим Ол Сонийди қабыллады.

Өзбекстан ҳәм Қатардың жетекши компания ҳәм кәрханалары арасындағы өз-ара пайдалы бирге ислесиўди және де кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.

Энергетика, санаат, инфраструктура, туризм, банк-қаржы тараўларында перспективалы жойбарларды әмелге асырыў солардың қатарына киреди.

Мәмлекетимиз басшысы экспертлер топарын қәлиплестириў ҳәм «жол картасы»н қабыл етиў арқалы биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыўды жеделлестириў зәрүр екенлигин атап өтти.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Қатарға мәмлекетлик сапары шеңберинде «ЭКСПО Доха – 2023» пүткил жер жүзилик көргизбесиниң ашылыў мәресиминде қатнасты.

Салтанатлы илажда Қатар Әмири шейх Тамим бин Ҳамад Ол Соний, Бирлескен Араб Әмирликлери Президенти шейх Мухаммед бин Зоид Ол Наҳаян, Ирақ, Яман ҳәм басқа да бир қатар мәмлекетлердиң мәмлекет ҳәм ҳүкимет басшылары қатнасты.

«ЭКСПО Доха» регионда өткерилип атырған биринши глобал «жасыл» көргизбе болып есапланады. Илаж «Жасыл саҳра, және де жақсы қоршаған орталық» сүрени астында өткерилмекте ҳәм келеси жыл март айына шекем даўам етеди.

Форум қатнасыўшылары қоршаған орталықты қорғаў, экосистемаларды раўажландырыў, «ақыллы» аўыл хожалығын енгизиў, жаңа түрдеги егинлерди жетистириў, инновациялық бағлар жаратыў ҳәм басқа да бағдарлардағы алдыңғы технологиялар ҳәм жетискенликлер менен танысты.

Көргизбе шеңберинде шөлкемлестирилген Өзбекстан миллий павильонында интенсив дийқаншылық ҳәм шарўашылық, экологиялық менеджмент тараўларындағы ең жаңа технологиялар, мәмлекетимиз бағманшылық ҳәм азық-аўқат тармақларының презентациялары таныстырылмақта.

Усының менен Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қатарға мәмлекетлик сапары жуўмақланды.

ӨзА