Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев ЮНЕСКОның Өзбекстандағы турақлы ўәкили Сара Ношадиди қабыл етти.


Ушырасыўда Президентимиздиң басшылығында мәмлекетимизде, соның ишинде, республикамызда бүгинги күнде елимизде туризм ҳәм мәденият тараўын раўажландырыў бағдарында қабыл етилип атырған пәрман ҳәм қарарларды кең түрде атап өтти.

Соның менен бирге, мәдений мийрас объектлерине итибарды күшейтиў, оларды қорғаў ҳәм сақлаў, өтмиштен саза бериўши тарийхый естеликлер, бир неше әсирлик мәдениятымыз ҳәм миллийлигимиздиң әжайып дүрданаларын қәстерлеў, олардың ЮНЕСКО мийраслары қатарына киргизилиўин тәмийинлеў, илим, мәденият бағдарларында бирге ислесиўлерди кеңейтиў мәселелери сөз етилди.

Ушырасыўда сондай-ақ, қарақалпақ миллий саз әсбабы есапланатуғын қобызды ЮНЕСКО мийраслары қатарына киргизилиўиндеги жумысларды жеделлестириў, буннан тысқары және бир қатар объектлерди ЮНЕСКО мийраслары қатарына киргизиў бойынша да пикирлесилди.

Өз гезегинде мийманлар жыллы жүзлилик пенен күтип алғаны ушын миннетдаршылық билдирди ҳәм бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў, мүмкиншиликлерден нәтийжели пайдаланыў, мәдений мийрас объектлерин қорғаў ҳәм өз-ара байланысларды беккемлеў бойынша пикир-усынысларын билдирди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги