Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Қатар Мәмлекети Әмири шейх Тамим бин Ҳамад Ол Сонийдиң мирәт етиўине бола 1-октябрь күни мәмлекетлик сапар менен Доха қаласына келди.

Шейх Ҳамад атындағы халықаралық аэропортта жоқары мәртебели мийман ҳүрметине ҳүрметли қараўыл сап тартты.

Мәмлекетимиз басшысын Қатар Бас министри – сыртқы ислер министри шейх Мухаммед бин Абдураҳмон Ол Соний ҳәм басқа да рәсмий шахслар күтип алды.



Усы күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев «Nebras Power» компаниясы басқарма баслығы Мухаммед ал-Ҳажрий, Қатар инвестициялар агентлиги директоры Бандар бин Сауд Ол Соний, «Power International Holding» компаниясының басқарма баслығы Мутаз ал-Ҳаййат ҳәм «Al Mirqab Capital» холдинг компаниясының атқарыўшы директоры Саиф ур-Раҳмон Ханды қабыллады.

«Nebras Power» компаниясы басқарма баслығы Мухаммед ал-Ҳажрий менен ушырасыўда энергетика тараўында, бәринен бурын, қолайлы энергетикада жаңа жойбарларды әмелге асырыў бойынша өз-ара пайдалы бирге ислесиўди раўажландырыўдың әмелий тәреплери көрип шығылды.

Мәмлекетимиз басшысы Сырдәрья ўәлаятында Қатар компаниясының қатнасыўында пуў-газ технологиялары тийкарында қуўатлылығы 1,6 ГВт болған заманагөй электр станциясы қурылысының жойбарын әмелге асырыў басланғанын қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Сурхандәрья ўәлаятында ыссылық электр станциясын қурыў жойбары шеңберинде таярлық жумыслары жуўмақланбақта.

Ташкент ўәлаятында 600 МВт қуўатлықтағы энергия сақлаў системаларын жаратыў ҳәм Қарақалпақстанда 1 ГВт қуўатлықтағы самал электр станциясын иске қосыў бойынша биргеликтеги режелер додаланды.

Узақ мүддетли шериклик бағдарламасын қабыллаў, оған, бәринен бурын, «жасыл» энергетикаға байланыслы перспективалы жойбарларды киргизиў бойынша келисимге ерисилди.

Қатар инвестициялар агентлигиниң директоры Бандар бин Сауд Ол Соний менен ушырасыўда агентликтиң тиккелей инвестицияларын мәмлекетимиз аймақларында «жасыл» энергетика объектлери – қуяш ҳәм самал станцияларын қурыў, транспорт инфраструктурасын модернизациялаў, соның ишинде, заманагөй авиатерминаллар қурыў ҳәм басқа да инвестициялық жойбарларға тартыў мәселелери ҳәр тәреплеме көрип шығылды.

Алдыңғы банк-қаржы хызметлерин, соның ишинде, ислам қаржысы бағдарламалары шеңберинде раўажландырыўдан мәпдарлық билдирилди.

Биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў ушын еки тәреплеме топар ушырасыўын жақын ўақыт ишинде өткериўге келисип алынды.

Агентлик санаат, инфраструктура, энергетика, көшпес мүлк, электрон технологиялар тараўларында ири жойбарларды әмелге асырыўда үлкен тәжирийбеге ийе глобал көлемдеги жетекши инвестициялық холдинглерден бири болып есапланады.

Өзбекстан Президенти «Power International Holding» компаниясы басқарма баслығы Мутаз ал-Ҳаййатты қабыллады.

«Power International» – дүньяның 19 мәмлекетинде энергетика, нефть-химия, санаат, аўыл хожалығы, транспорт инфраструктурасы, денсаўлықты сақлаў, туризм сыяқлы тараўларда белсене жумыс алып барып атырған Қатардың ең ири миллий холдинги. Жақын Шығыстағы жетекши көп тармақлы компаниялардан бири болып есапланады.

Бүгин бул компания менен биргеликте Жиззақ ўәлаятында келешекте регионның ең үлкен агросанаат комплекси болатуғын заманагөй шарўашылық кластери қурылмақта.

Мәмлекетимизде жоқары тезликте ҳәрекетлениўге мөлшерленген автомобиль магистралын қурыў, аммиак ҳәм карбамид ислеп шығарыў көлемин арттырыў, исбилерменлик ҳәм мийманхана инфраструктурасы, денсаўлықты сақлаў объектлерин шөлкемлестириў перспективалы жойбарлар сыпатында атап өтилди.

Қатар тәрепи тез арада холдинг Өзбекстанда өз офисин ашатуғынын мәлим етти.

«Al Mirqab Capital» холдинг компаниясының атқарыўшы директоры Саиф ур-Раҳмон Хан менен ушырасыўда мийманхана инфраструктурасы ҳәм туризм хызметлерин раўажландырыў, логистика ҳәм энергетика тармағын модернизациялаў бағдарындағы бирге ислесиў перспективалары додаланды.

Атап айтқанда, компания тәрепинен Ташкент ўәлаятында логистика орайы, Бухара қаласында мийманхана-конгресс комплексин қурыў, мәмлекетимизде электр ислеп шығарыў қуўатлықларын кеңейтиўге инвестиция киргизиў режелери көрип шығылды.

Инвестициялық жойбарлар биргеликтеги «жол картасы» тийкарында әмелге асырылады.

1983-жылы тийкар салынған «Al Mirqab Capital» холдинги АҚШ, Европа ҳәм Жақын Шығыста «Four Seasons», «The Ritz-Carlton» ҳәм басқа брендлердеги 20 ири мийманхана ийеси болып есапланады. Компания активлериниң баҳасы 8 миллиард доллардан артықты қурайды.

Мәмлекетлик сапардың бағдарламасына муўапық, 2-октябрь күни жоқары дәрежедеги ушырасыўлар болып өтеди, жетекшилер Өзбекстан – Қатар қатнасықларын және де беккемлеў ҳәм көп тәреплемели бирге ислесиўди, бәринен бурын, сиясий, саўда-экономикалық, инвестициялық ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўларда раўажландырыў мәселелерин додалайды.

ӨзА