Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Германия Федерал Канцлери Олаф Шольцтиң мирәт етиўине бола әмелий сапар менен Берлин қаласына барды.

Мәмлекетимиз басшысы Германияға әмелий сапары шеңберинде 29-сентябрь күни Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының Германия Федерал Президенти Франк-Вальтер Штайнмайер менен ушырасыўында қатнасты.

Илажда Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров, Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон, Түркмен халқының миллий жетекшиси, Түркменстан Халық Мәсләҳәти Баслығы Гурбангули Бердимуҳамедов та қатнасты.

Ушырасыўда конструктивлик сиясий пикирлесиўди беккемлеў, саўда-экономикалық, транспорт-коммуникациялық ҳәм мәдений-гуманитарлық бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери додаланды.

Регионаллық қәўипсизлик ҳәм турақлы раўажланыўды, соның ишинде, Европа Аўқамы бағдарламалары шеңберинде тәмийинлеўдиң әҳмийетли тәреплери бойынша пикир алысылды.

Мәмлекетимиз басшысы өз сөзинде «Орайлық Азия – Германия» форматындағы бирге ислесиў перспективаларына айрықша тоқтап өтти. Әмелий бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарларына, бәринен бурын, жоқары технологиялар ҳәм инновациялық раўажланыў, транспорт коммуникациялары, «жасыл» энергетика, кәсиплик тәлим, жедел мәдений ҳәм академиялық алмасыўларға айрықша итибар қаратылды.

Германияның жетекши компания ҳәм банклери Өзбектандағы жумысын кеңейтип атырғаны үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Жасларымызда немис тилине қызығыўшылық артып атырғаны атап өтилди – ҳәзирги күнде елимизде оны дерлик 300 мың мектеп оқыўшылары ҳәм студентлер үйренбекте.

Сөйлесиўде Германия Федерал Президенти Өзбекстан жетекшисин Берлин қаласындағы дүньяға белгили Жеймс Симон галереясында бийбаҳа мәдений-тарийхый көргизбе табыслы өткерилгени менен қутлықлады. Бир неше ай ишинде көргизбеге 200 мың берлинлилер ҳәм Германия пайтахтының мийманлары келди.

Буннан соң Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Германия Федерал Президенти Франк-Вальтер Штаймайердиң еки тәреплеме ушырасыўы болып өтти.

Өзбекстан менен Германия арасындағы көп тәреплемели қатнасықларды, бәринен бурын, инновация ҳәм технологиялар, «жасыл» экономика, қолайлы энергетика, транспорт ҳәм логистика, билимлендириў ҳәм мәденият тараўларында раўажландырыўдың әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.

Усы жылы май айында Германияға әмелий сапар даўамында өткерилген нәтийжели сөйлесиўлерде ерисилген келисимлерди әмелге асырыў бойынша биргеликтеги ҳәрекетлерди даўам еттириў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Президентлер регионаллық күн тәртиби бойынша да пикир алысты, соның ишинде, «Орайлық Азия – Германия» форматында әмелий бирге ислесиўди жолға қойыў зәрүр екенлигин атап өтти.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Германия Федератив Республикасы Федерал Канцлери Олаф Шольцтиң басшылығында өткен Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Германия жетекшилериниң биринши саммитинде қатнасты.

Илажға Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров, Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон ҳәм Түркмен халқының миллий жетекшиси, Түркменстан Халық Мәсләҳәти Баслығы Гурбангули Бердимуҳамедов та қатнасты.

Саммит күн тәртибине муўапық, саўда-экономикалық ҳәм мәдений-гуманитарлық бирге ислесиўди кеңейтиў, «жасыл» энергетиканы раўажландырыў ҳәм климат өзгерислерине бейимлесиў перспективалары, тәбийғый ресурслар ҳәм қоршаған орталықты қорғаў мәселелери сондай-ақ, турақлы ҳәм үзликсиз регионаллық раўажланыўды тәмийинлеў бағдарында биргеликтеги ҳәрекетлер додаланды.

Илаж қатнасыўшылары «Орайлық Азия – Германия» форматы ашық пикирлесиў ҳәм регион мәмлекетлери менен Германия арасындағы бирге ислесиўдиң жаңа күн тәртибин қәлиплестириў ушын нәтийжели орталыққа айланғанын атап өтти.

Мәмлекетимиз басшысы Орайлық Азияда ҳәзирги күнги регионаллық бирге ислесиў дәрежесине жоқары баҳа берип, Өзбекстан жақсы қоңсышылық, өз-ара исеним ҳәм бирге ислесиўди беккемлеў сиясатын булжытпай әмелге асырып атырғанын атап өтти.

Регион мәмлекетлерине ғәрезсизликтиң биринши күнлеринен-ақ әмелий жәрдем көрсетиўде Германия әҳмийетли орын ийелеп киятырғаны жоқары баҳаланды.

Атап өтилгениндей, бүгин мәмлекетимиз әҳмийетли трансформация басқышында тур, Жаңа Өзбекстан – инсан мәплери жоқары қәдирият болған демократиялық мәмлекетти қурыў жолынан бармақта. Мәмлекетимизди 2030-жылға шекем раўажландырыў бойынша узақ мүддетли стратегия қабыл етилген ҳәм ондағы жоқары мақсетлер халықаралық бирге ислесиўшилердиң потенциалын тартыў арқалы әмелге асырылады.

Узақ мүддетли бирге ислесиўдиң улыўма регионаллық әҳмийетке ийе тийкарғы бағдарлары көрсетип өтилди.

Олар – инвестициялық, инновациялық ҳәм технологиялық байланыслар ҳәм алмасыўды раўажландырыў, қайта тиклениўши энергия дәреклерин енгизиў, шийки зат ресурсларын терең қайта ислеў, транспорт-коммуникациялық өз-ара байланыслылықты күшейтиў, «жасыл» күн тәртибин әмелге асырыў, Германия стандартларына муўапық ҳәр қыйлы тармақлар ушын қәнигелерди таярлаў, Аўғанстан халқына гуманитарлық жәрдем көрсетиў.

Орайлық Азия мәмлекетлериниң жетекшилери Германия тәрепиниң Орайлық Азия ҳәм Германия арасында стратегиялық регионаллық шерикликти жолға қойыў, бул форматта турақлы ушырасыў ҳәм мәсләҳәтлесиўлер алып барыў усынысын қоллап-қуўатлады.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев биринши «Орайлық Азия – Германия» саммити шеңберинде Германия Федеративлик Республикасының Канцлери Олаф Шольц пенен сөйлесиў өткерди.

Еки тәреплеме қатнасықлардың әҳмийетли тәреплери көрип шығылды, Өзбекстан менен Германия арасындағы көп тәреплемели бирге ислесиўди және де раўажландырыў мәселелери додаланды.

Исбилерменлик тараўындағы шерикликти кеңейтиў, экономика, инвестиция, транспорт, энергетика ҳәм басқа да тараўларда кооперацияны тереңлестириўге айрықша итибар қаратылды.

Өзбекстан басшысының усы жылы май айындағы Берлинге сапары еки тәреплеме қатнасықларды жеделлестириўге күшли пәт бағышлағаны атап өтилди.

Кейинги жыллары товар алмасыў ҳәм санаат кооперациясының көрсеткишлери еки есеге өсти. Мәмлекетимизде Германияның “Volkswagen”, “MAN”, “CLAAS”, “Siemens”, “Linde”, “Aurubis”, “Henkel”, “Knauf”, “Papenburg”, “Deutsche Kabel” ҳәм басқа да көплеген жетекши компаниялары табыслы жумыс алып бармақта.

Таў-кән, энергетика, химия, электротехника, тоқымашылық санааты ҳәм инфраструктура бойынша жойбарлар портфели қәлиплестирилген.

Мәмлекетимиз басшысы биргеликтеги экономикалық илажларды турақлы өткерип барыў, қолайлы энергетиканы раўажландырыў, аўыл хожалығы ҳәм суў ресурсларын басқарыўды санластырыў, шийки затты терең қайта ислеў, қаржы механизмлерин кеңейтиў, еки мәмлекет аймақлары арасындағы байланысларды беккемлеў, миграция ҳәм көшиў тараўында бирге ислесиў бойынша бир қатар анық усынысларды алға қойды.

Мәдений-гуманитарлық алмасыўды раўажландырыў, илим ҳәм билимлендириў тараўларында биргеликтеги бағдарламаларды әмелге асырыўдан еки тәреп те мәпдар екени атап өтилди.

Регионаллық қәўипсизликти тәмийинлеў бойынша, соның ишинде, Аўғанстандағы жағдайдың раўажланыўы көзқарасынан пикир алысылды.

Ушырасыў соңында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Германия Федерал Канцлери Олаф Шольцти рәсмий сапар менен мәмлекетимизге келиўге мирәт етти.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Германия экономикасы Шығыс комитети қәўендерлигинде шөлкемлестирилген Экономикалық форум жумысында қатнасты.

Илажда Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров, Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон, Түркмен халқының миллий жетекшиси, Түркменстан Халық Мәсләҳәти Баслығы Гурбангули Бердимуҳамедов та қатнасты.

Германия тәрепинен айрықша тапсырмалар бойынша федерал министр, Федерал Канцлер администрациясының басшысы Вольфанг Шмидт, Экономика ҳәм климатты қорғаў федерал министрлиги мәмлекетлик хаткери Удо Флипп, Германия экономикасы Шығыс комитети баслығы Катрина Клаас-Мюльхойзер қатнасты.

Буннан тысқары, форум жумысында “CLAAS”, “Siemens Energy”, “Knauf”, “Linde”, “Papenburg”, “BayWa”, “WILO”, “IPEX-Bank”, “Commerzbank”, “AKA”, “Mangold Consulting”, “Deutsche Bahn”, “DB E.C.O.”, “Euler Hermes”, “Ernst Klett”, “SMS Group”, “Deutsche Bank”, “Evonik Industries”, “John Deere”, “BASF”, “Airbus” сыяқлы Германияның жетекши компания ҳәм банклериниң басшылары қатнасты.

Өзбекстан жетекшиси бүгинги илаж Германия бизнесинде Орайлық Азия мәмлекетлериниң базарындағы жумысын кеңейтиўге қызғыўшылық артып баратырғанынан дәрек екенин үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Инвестициялық, инновациялық ҳәм технологиялық бирге ислесиў мәселелери, жоқары технологиялық тармақларда, сондай-ақ, «жасыл» энергетика, шийки зат ресурсларын терең қайта ислеў, логистика ҳәм транспорт, кадрлар таярлаў бойынша кооперациялық жойбарларды әмелге асырыў перспективалары көрсетип өтилди.

– Биз сизлер менен биргеликте мәмлекетимиз экономикасының жетекши тармақларын модернизациялаў бойынша үлкен жумыс алып бармақтамыз, нәтийжели қосымша қун шынжырлары ҳәм мыңлаған жаңа жумыс орынларын жаратпақтамыз. Биз ашық пикирлесиў ушын жаңа майданлар ҳәм турақлы платформалар пайда болыўынан мәпдармыз,-деди Президентимиз.

Кейинги жыллары Өзбекстан менен Германия арасындағы саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық қатнасықлар раўажланып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Биргеликтеги жойбарлар ҳәм кәрханалар саны еки есеге көбейди.

– Барлығыңыз көп тәреплемли Өзбекстан – Германия қатнасықларын раўажландырыў ушын ҳақыйқатында үлкен үлес қосып атырсыз, жойбарларыңыз болса узақ мүддетли табыслы бирге ислесиўге мысал бола алады. Мен оны жүдә қәдирлеймен,-деди мәмлекетимиз басшысы.

Мәмлекетимиз жетекшиси Германия компаниялары менен бирге ислесиўди және де кеңейтиўдиң тийкарғы тәреплерине тоқтап өтип, бир қатар перспективалы бағдарларды көрсетип өтти.

Бул, бәринен бурын, кооперацияны раўажландырыў сондай-ақ, Германия компанияларының Өзбекстандағы жумысын кеңейтиў болып есапланады. Мәмлекетимиз басшысы базарда өтимли санаат өнимлерин ислеп шығарыў ушын үлкен имканиятлар бар екенлигин атап өтти.

Регионаллық жойбарларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде Президентимиз Өзбекстанда Германия жетекши ислеп шығарыўшыларының жоқары санаат технологиялары бойынша Орайлық Азия көргизбесин өткериў усынысын билдирди.

Шерикликтиң ең әҳмийетли бағдарларынан бири – «жасыл» энергетика. Өзбекстан басшысы қолайлы энергетиканы раўажландырыў бағдарында германиялы шериклер менен табыслы тәжирийбе ҳәм перспективалы кооперациялық жойбарлары бар екенлигин атап өтти.

Регион дәрежесинде «жасыл» экономика жойбарларын әмелге асырыў ушын Германия инженерлик-жойбарластырыў орайлары ҳәм санаат холдинглери менен бирге ислесиў бағдарламасын ислеп шығыў ҳәм қабыл етиў усыныс етилди.

Президентимиз ең әҳмийетли шийки зат ресурслары тараўында оларды қайта ислеўге алдыңғы технологиялық шешимлерди тартыў ҳәм санаат өнимлериниң экспортын шөлкемлестириў бойынша биргеликтеги жойбарлар зәрүр екенлигин атап өтти.

Азық-аўқат қәўипсизлиги мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

– Орайлық Азия ишки талапларды толық тәмийинлеў ҳәм Европа мәмлекетлерине сапалы азық-қаўқат өнимлерин экспорт етиў ушын зәрүр потенциалға ийе,-деди мәмлекетимиз басшысы.

Усы мәниде, елимиз аўыл ҳәм суў хожалығы тараўларына Германия компанияларының энергия үнемлеўши ҳәм санлы технологияларын тартыўға таяр екени атап өтилди.

Азық-аўқат тараўында биргеликтеги регионаллық илажлар өткериў усыныс етилди.

Президентимиз транспорт ҳәм логистика бағдарындағы бирге ислесиўге де тоқтап өтти. Орайлық Азияны Европа менен байланыстыратуғын нәтийжели бағдарларды раўажландырыў зәрүр екенлиги атап өтилди. Транспорт жойбарларын экспертиза жағынан қоллап-қуўатлаў ушын Германияның жетекши шөлкем ҳәм компанияларының қәнигелерин тартыў усынысы билдирилди.

Маман қәнигелерди таярлаў бағдарындағы басламаларды қоллап-қуўатлаў көп тәреплемели Өзбекстан – Германия бирге ислесиўин раўажландырыўдың әҳмийетли бағдары сыпатында атап өтилди.

Соңында мәмлекетимиз басшысы Өзбекстандағы исбилерменлик басламалары ҳәм биргеликтеги инвестициялық жойбарларға ҳәр тәреплеме жәрдемлесиўге таяр екенлигини тастыйықлап, Орайлық Азия Германия бизнеси ушын үлкен имканиятлар регионы екенин атап өтти.

ӨзА