Усы күнлери Қазақстан Республикасы Манғыстаў ўәлаяты ҳәкимлиги ҳәм туристлик кәрханалары ўәкиллериниң  Қарақалпақстан Республикасына рәсмий сапары болып өтпекте.

Буннан гөзленген мақсет, Қарақалпақстан ҳәм Қазақстанныӊ туризм тараўындағы исбилерменлик субъектлериниӊ бирге ислесиўин жолға қойыў арқалы елимизге келиўши көп санлы сырт елли туристлер ағымын көбейтиўден ибарат.

Сапардыӊ биринши күни делегация ағзалары дәслеп Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊесиниӊ Баслығы Фархад Эрманов пенен ушырасып, туристлик кәрханалар ушын жаратылған шараятлар кеңнен додаланды.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2023-жыл 26-апрельдеги “Республиканыӊ туристлик потенциалын жедел раўажландырыў ҳәм жергиликли ҳәм сырт елли туристлер санын   арттырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында”ғы қарары тийкарында Қазақстан Республикасы менен туризм тараўындағы байланысларды беккемлеў, исбилерменлер ушын қолайлы шараят жаратыў бериў, усы арқалы бирге ислесиўди раўажландырыў бағдарында бир қатар жумыслар алып барылмақта.

Атап айтқанда, Германия халықаралық бирге ислесиў жәмийетиниӊ (GIZ) қоллап-қуўатлаўында 2022-жылдыӊ 23-25-ноябрь күнлери Қарақалпақстан Республикасы Туризм ҳәм мәдений мийрас министриниӊ биринши орынбасары Байрам Кусекеев басшылығында республикамыздағы туристлик кәрханалардыӊ Ақтаў қаласына рәсмий сапары шөлкемлестирилген еди. Илажда Қарақалпақстан Республикасы Туризм ҳәм мәдений мийрас министрлиги, Қазақстан Республикасы Маӊғыстаў ўәлаятыныӊ Туризм басқармасы, Германия халықаралық бирге ислесиў жәмийети (GIZ), соныӊ менен бирге еки тәрептиӊ туризм тараўындағы исбилерменлик субъектлери қатнасып, Қарақалпақстан Республикасыныӊ туристлик потенциалы ҳаққында презентациясы өткерилди ҳәм аймағымыздың тараўдағы имканиятлары кеӊнен үгит-нәсиятланды. Усы бирге ислесиўдиң даўамы сыпатында ўәлаяттың туризм тараўындағы исбилерменлик субъектлери ўәкиллери республикамызға келди.

Буннан соӊ мийманлар Игорь Савицкий атындағы Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик көркем өнер музейинде болып, бийбаҳа экспонатлары менен жақыннан танысты. Усы жерде Маӊғыстаў ўәлаятыныӊ ҳәкимлиги ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊеси арасында Туризм тараўында бирге ислесиў бойынша меморандумға қол қойыў мәресими болып өтти. Мәресимнен соӊ еки тәрептиӊ туризм тараўындағы исбилерменлери арасында B2B ушырасыўы өткерилди.


Сапар даўамында делегация ағзалары ушын Ерқосай ата, Миздақхан, Ҳәким ата, Даўыт ата мақбаралары, Шылпық, Топырақ қала, Аяз қала мәдений мийрас объектлери, Төменги Әмиўдәрья мәмлекетлик биосфера резерваты, Игорь Савицкий музейи, Шымбай районыныӊ өнерментшилик устаханалары сыяқлы бир қатар туристлик объектлер бойлап 3 күнлик кеӊ көлемли инфотур шөлкемлестириледи. Соныӊ менен бирге, делегация ағзалары Тахтакөпир районының Белтаў аўыл пуқаралар жыйынында өткерилип атырған «Арал балықларынан 99 түрли тағамлар» гастрономиялық ҳәм «Аббаз ҳаўазы – Қаратерең намалары» фольклор фестивалларына қатнаспақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги