Усы жыл 27-сентябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев инвестициялық жойбарларды қоллап–қуўатлаў ҳәм жаңа жойбарларды иске түсириўде ушырасып атырған машқалаларды анықлаў бойынша исбилерменлер менен ушырасты.
Онда республикамызды социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, соның ишинде, исбилерменликти қоллап-қуўатлаў бойынша бир қатар пәрман ҳәм қарарлардың қабыл етилгенлиги, усы тийкарда республикамыз исбилерменлери ушын оғада үлкен мүмкиншиликлер жаратылғанлығы айрықша атап өтилди.
Усы тийкарда мәмлекетлик бағдарламалар шеңберинде бир қатар инвестициялық жойбарлар бойынша мәнзилли дизим ислеп шығылған болып, бир қанша жаңа жумыс орынларының жаратылыўы режелестирилген. Тилекке қарсы, айырым жойбарлардың иске түсирилиўинде бир қатар машқалалар ушыраспақта.
Жоқарғы Кеңес Баслығы сәўбетлесиў барысында исбилерменлерди қыйнап киятырған машқалаларды тыңлады ҳәм ҳәр бир жаңа жумыс орынларын жаратыў нийети бар исбилермен қоллап-қуўатланатуғынлығын атап өтти. Олар тәрепинен билдирилген әҳмийетли мәселелер ҳәм машқалалардың орынланыўы Жоқарғы Кеңес Баслығының жеке қадағалаўына алынды.
Ушырасыў соңында ўазыйпалар белгилеп алынып, бул бойынша тийисли тараў басшыларына тапсырмалар берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги