Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Германия Федерал Канцлери Олаф Шольцтиң мирәт етиўине бола 28-30-сентябрь күнлери әмелий сапар менен Берлин қаласында болады.
Сапардың бағдарламасына муўапық, Федерал Канцлер Олаф Шольц ҳәм Федерал Президент Франк-Вальтер Штайнмайер менен әмелий еки тәреплеме сөйлесиўлер өткерилиўи, сондай-ақ, Орайлық Азия ҳәм Германия мәмлекет басшыларының ушырасыўлары режелестирилген.
Мәмлекетимиз жетекшиси Германия экономикасы Шығыс комитети тәрепинен шөлкемлестирилетуғын исбилерменлик илажларында да қатнасыўы нәзерде тутылған.
Күн тәртибинен Өзбекстан Президентиниң усы жылы май айындағы Германияға рәсмий сапары даўамында ерисилген келисимлерди әмелге асырыў, Германияның жетекши компания ҳәм банклери менен инвестициялық, инновациялық ҳәм технологиялық бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери орын алған.
ӨзА