Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 26-сентябрь күни мәҳәлле кесиминде ислеў системасын және де күшейтиў илажларын додалаў бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.

Мәмлекетимизде барлық социаллық-экономикалық бағдарламалар халықтың талабынан келип шығып, орынларда әмелге асырылмақта. Оның ушын мәҳәллелерге көплеген ўәкилликлер, шөлкемлестириў ҳәм қаржы имканиятлары берилди. Мәҳәлле баслығы, ҳәким жәрдемшиси, ҳаял-қызлар белсендиси, жаслар жетекшиси ҳәм профилактика инспекторларынан ибарат «беслик системасы» шөлкемлестирилди.

Бирақ олардың өз-ара муўапық ислеўинде кемшиликлер, жүдә көп тәкирарланыўлар бар. Социаллық мақсеттеги қаржылар айырым ўақытлары нәтийжесиз бағларланбақта. Жәрдемге мүтәж халықтың мәселесин шешиў ўәлаят ҳәм республика уйымына байланыслы болып қалған. Мәҳәлле хызметкерлериниң жумысын баҳалаў нормасы жоқ. Олардың көп ўақыты «қағаз толтырыў» ҳәм мәжилислерге кетип атыр.

Мәжилисте усындай кемшиликлер талланып, системаны жетилистириў ҳәм нәтийжелилигин арттырыў бойынша жаңа қатнаслар белгиленди.

Оған бола, мәҳәлле басқарыўына салықшы ҳәм социаллық хызмет хызметкери де қосылып, «мәҳәлле жетилиги» болады.

Жәрдемге мүтәж халықты дизимге киргизиў, материаллық жәрдем, субсидия ҳәм кредит ажыратыў сыяқлы 70 тен аслам мәселелер, район ҳәм ўәлаят уйымларына шықпастан, мәҳәллениң өзинде жәмәәтлик түрде шешиледи. Сондай-ақ, Бәнтлик, Исбилерменлик ҳәм Жумысты үйге бөлип алып ислеў қорларының қаржылары ҳәр бир мәҳәллеге бөлистирип бериледи.

Мәҳәлледе қолайлы электрон жумыс алып барыў жолға қойылады. Әмелдеги үш платформа – «Онлайн мәҳәлле», «Ҳаял-қызлар», «Жаслар порталы» өз-ара интеграцияланып, бирден-бир системаға жәмлестириледи.

«Мәҳәлле жетилиги» жумысын муўапықластырыўда мәҳәлле баслықларының ўәкилликлери кеңейтиледи. Соның ишинде, олар ҳәким жәрдемшиси, жаслар жетекшиси, ҳаял-қызлар белсендиси, профилактика инспекторы, салықшы ҳәм социаллық хызметкерди хошаметлеў ямаса интизамий жаза қолланыў бойынша усыныс хатын киргизиў ўәкиллигине ийе болады.

Солардан келип шығып, жуўапкерлерге «мәҳәлле жетилиги»ниң ўазыйпаларын анық белгилеў ҳәм жумысын дурыс бағдарлаў бойынша көрсетпелер берилди. Социаллық жойбарларға илимий ҳәм мәмлекетлик емес шөлкемлерди де тартыў зәрүр екенлиги айтылды.

Мәжилисте мәҳәлле системасын жетилистириўдиң шөлкемлестириў илажлары да белгиленди. Атап айтқанда, мәҳәллелерди раўажландырыў ҳәм қоллап-қуўатлаў бойынша республикалық, ўәлаятлық ҳәм район (қала)лық кеңеслер енгизиледи. Республикалық кеңеске – Бас министр, аймақлық кеңеслерге болса ҳәкимлер басшылық етеди. Кеңеслер «мәҳәлле жетилиги» қойған мәселелерге шешим табады, қаржы дәреклерин шешип береди.

Жуўапкерлерге додалаўда билдирилген барлық усынысларды инабатқа алған ҳалда, тараўдың шөлкемлестириў структурасы, ўәкилликлери ҳәм қаржыландырыў дәреклери көрсетилген ҳүжжет жойбарын ислеп шығыў тапсырылды.

– Биз жумысымыздың биринши күнлеринен барлық жумысты мәҳәлледе, халқымыз бенен биргеликте шөлкемлестирип келмектемиз. Бул системаны басқышпа-басқыш раўажландырдық. Енди және қосымша күш, имканиятлар берилмекте. Бул ҳәм ўәкиллик, ҳәм жуўапкершилик дегени. Мәҳәллелер – мәмлектимиздиң ең үлкен тийкары,-деди Шавкат Мирзиёев.

Мәжилис соңында министрлер ҳәм ҳәкимлер, орынлардан мәҳәлле баслықлары усы бағдарда әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм жаңа тапсырмалардан келип шығып келешектеги жумыс режелери бойынша мәлимлеме берди.

ӨзА