Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 26-сентябрь күни Қытайдың жетекши «BYD» компаниясы президенти ҳәм тийкарын салыўшысы Ван Чуаньфу басшылығындағы делегацияны қабыллады.

«BYD» компаниясы заманагөй электромобильлер ҳәм жаңа әўлад аккумлятор батареяларын ислеп шығарыў тараўында глобал жетекши болып есапланатуғынын атап өтиў орынлы. Бир жылда 2 миллион машина ислеп шығарыўшы бул концерн дүнья автомобиль санааты раўажланыўының тийкарғы тенденцияларын белгилеп бермекте.

Ушырасыўда компанияның Өзбекстандағы жумысын кеңейтиўдиң әмелий тәреплери, атап айтқанда, Жиззақ ўәлаятында гибрид ҳәм электр автомобильлер ислеп шығарыўды тез ўақыт ишинде жолға қойыў ҳәм кейинги басқышларда оның қуўатлылығын 300 мыңға жеткериў мәселелери көрип шығылды.

Өнимниң өзине түсер баҳасын азайтыў ушын комплектлеўши ҳәм аўысық бөлеклерин локализациялаў жойбарларына сондай-ақ, автомобильлерди үшинши мәмлекетлер базарына экспорт етиўди шөлкемлестириўге айрықша итибар қаратылды.

Сондай-ақ, мәмлекетимизге «BYD» электробусларын жеткерип бериў ҳәм оларға хызмет көрсетиў бойынша инженерлик-сервис орайларын ашыў режелери қоллап-қуўатланды.

ӨзА