Усы жылдың  22-сентябрь күни  “Dori-Darmon” акциянерлик компаниясы тәрепинен ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ушын “Қарақалпақ  дәри-дәрмақ” жуўапкершилиги шекленген жәмийетине пресс-тур шөлкемлестирилди.

Атап өтилгениндей, бүгингиги күни “Қарақалпақ  дәри-дәрмақ” жуўапкершилиги шекленген жәмийетинде 19  жоқары мағлыўматлы фармацевт, 67  орта арнаўлы фармацевт, 43 басқа  қәнигеликке ийе  хызметкер жумыс  ислейди.

Жәмийет Қарақалпақстан  Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигине қараслы барлық  емлеў профилактикалық мәкемелерин ҳәм  амбулатор  шараятында  емленетуғын  наўқасларды  қурамында нәшебентлик ҳәм  психотроп  затлары болған  дәри дәрмақлар,  күшли  тәсир етиўши  дәри-дәрмақлар менен үзликсиз  тәмийинлеп келмекте. Жәмийет тәрепинен республиканың барлық  қалалық ҳәм районлық медицина бирлеспелеринде, аўыллық шаңарақлық поликлиникалар менен аўыллық шыпакерлик пунктлеринде  83 социаллық дәрихана шөлкемлестирилди.

Быйылғы жылдың өткен 6 айы  даўамында товар  айлалысы  жәми  6 миллиард 109  миллион 188,7 мың сумды , соннан  көтере саўда 2 миллиард 878  миллион 922,4 мың сум,  усақлап сатыў саўдасы – 3 миллиард 230  миллион 266,3 мың сумды қурады.

Усы жылдың 6 айы даўамында  жергиликли  өндирис кәрханаларынан  1,7 миллиард сумға дәри-дәрмақ  сатып алынды. Есабат дәўиринде  республика  емлеў   профилактикалық  мәкемелери 2,6 миллиард сумлық  дәри-дәрмақ ҳәм медициналық буйымлар менен тәмийинленди.





Өзбекстан Республикаси Министрлер Кабинетиниң 2013-жыл 22-июльдағы  “Шахслардың айырым категориясын жеңиллик тийкарында дәри-дәрмақлар менен тәмийинлеў тәртибин буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында”ғы  қарары менен амбулаторияда емленип дәри-дармақлар менен  жеңилликли тәмийинлениў ҳуқуқына ийе болған шахслардың 14 категориясының дизими тастыйықланған.  Усы категориядағы шахсларды  шыпакер  рецепти тийкарында  дәри-дәрмақлар менен тәмийинлеў мақсетинде усы жылдың 6 айы  даўамында 511 миллион 182,2  мың сумлық  дәри-дәрмақ бийпул берилди.

Фармацевтика өнимлериниң көтере саўдасы менен шуғылланыўшы жергиликли кәрханалар  GDP – Зәрүр дистрибьюторлық әмелияты талапларына жуўап бериўи шәрт. Жәмийет «Зәрүр әмелиятлар орайы» мәмлекетлик  унитар кәрханасы тәрепинен  2023-жылдың апрель  айында   Өзбекстан  Республикасы  Мәмлекетлик стандарты “Oz Dst 2764:2018  “Жақсы  дистрибъюторлық  әмелияты – GDP” Мәмлекетлик  стандарты талапларына муўапықлығын тастыйықлаўшы сертификат алды.   Бүгинги күни дәриханалар  қоймаханалары  GDP стандарты талаплары бойынша хызмет көрсетпекте. Буның ушын жәмийетте барлық шараят жаратылған. Хызметкерлер арнаўлы кийим-кеншеклер менен тәмийинленген.

“Қарақалпақ дәри-дәрмақ” жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен 4 арнаўлы “Көшпели дәриханалар”-Дамас автомашиналары шөлкемлеслестирилген болып, олар арқалы  республикамыздың  алыс, шетки аймақларында жасаўшы халыққа  зәрүр сапалы дәри-дәрмақлар арзан баҳаларда жеткерип бермекте. Бүгинги  күнде  усы “Көшпели дәриханалар” белгиленген тәртипте  район ҳәкимлери тәрепинен тастыйықланған  кесте тийкарында республиканың барлық  районларына, сондай-ақ алыс Мойнақ   районының  Шеге, Шағырлы, Порлытаў, Үш сай, Ҳаким ата аўыл  пуқаралар жыйынларына,  Шымбай, Тахтакөпир,  Қоңырат,  Беруний,  Әмиўдәрья,  Төрткүл районларына ҳәм  Нөкис қаласының “Бес төбе” ҳәм  “Қос көл” аймақларына  барып, хызмет көрсетип келмекте.

Илаж қатнасыўшылары жуўапкершилиги шекленген жәмийет тәрепинен алып барылып атырған жумыслар менен жақыннан танысты ҳәм өзлерин қызықтырған сораўларына жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги