Нөкисте 1-октябрь — Муғаллимлер ҳәм устазлар күнине бағышланып дзюдо бойынша турнир болып өтти.
Өзбекстан “Миллий тикланиш” демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеӊеси тәрепинен Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлиги менен биргеликте шөлкемлестирилген жарыста 100 ге шамалас жас палўанлар жеӊимпазлық ушын гүрес алып барды.
Ашылыў мәресиминде атап өтилгениндей, жарысты өткериўден мақсет жаслардыӊ арасында дзюдо спортын кеӊнен ен жайдырыў, жасларды спорт ҳәм дене тәрбиясы менен шуғылланыўға тартыў, жас спортшыларды анықлаў ҳәм олардыӊ қәбилетлерин жүзеге шығарыўға шараят жаратыўдан ибарат. Өзбекстан “Миллий тикланиш” демократиялық партиясыныӊ сайлаўалды Платформасында физикалық жақтан саламат әўладты тәрбиялаў, балалар ҳәм жас өспиримлердиӊ спорт пенен турақлы шуғыллананыўы ушын имканиятлар жаратыў ҳәм олардыӊ жарысларға қатнасыўына көмеклесиў сыяқлы ўазыйпалар белгиленген.
Жарыс даўамында жас спортшылар өзлериниӊ шеберлигин көрсетти. Олардан Рамазан Бегайдаров, Дастан Жумамуратов, Ерназар ҳәм Нурбек Саекеевлар, Аҳмед Сабуров, Дилмурат Алламуратов, Ибраҳим Ахметов, Жанатбек Аўданбаев, Атабек Жумабаевлар өз салмақ категорияларында сыйлы биринши орынларды ийеледи.
Жарыс жеӊимпазлары Өзбекстан “Миллий тикланиш” демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеӊеси тәрепинен диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги