Алимент өндириў Мәжбүрий орынлаў бюросы уйымларыныӊ жумысындағы тийкарғы ўазыйпалардыӊ бири болып, бул бағдардағы жумыслар ҳәр бир хызметкердиӊ күнделикли қадағалаўына алынған.
Атап айтқанда, Мәжбүрий орынлаў бюросыныӊ Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәр бир мәмлекетлик орынлаўшы тәрепинен алимент өндириўге байланыслы орынлаў ҳүжжетиниӊ тәреплери менен тығыз байланыс орнатылып, өндириўшилердиӊ турақлылығын тәмийинлеўдиӊ барлық илажлары көрилмекте.
Атап айтқанда, Бюроныӊ Нөкис қалалық ис жүргизиўинде пуқаралық ислери бойынша Нөкис районлар аралық судыныӊ орынлаў ҳүжжетине тийкарланып, қарыздар К.Ю.дан өндириўши Н.А.ныӊ пайдасына бир перзенти ушын алимент напақасын өндириў ҳаққында орынлаў ҳүжжети бар. Орынлаў ҳәрекетлери даўамында жуўапкер әке тәрепинен алимент миннети толық орынланып, перзентине аталған алимент пулы айма-ай өз ўақтында төленип келинген.
Бирақ, усы жылдыӊ август айында қарыздар әке Бюро бөлимине келип, алдын ала төлеп бериў тилегин билдирген. Мәмлекетлик орынлаўшы тәрепинен төлем есапланып берилгеннен соң Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниӊ 2018-жыл 6-октябрьдеги “Алиментлерди алдын ала төлеў, сондай-ақ, алимент төлеў миннетин орынлаў бойынша гиреў шәртнамасын дүзиў тәртиби туўралы режени тастыйықлаў ҳаққында”ғы қарарына тийкарланып, әке тәрепинен 96 миллион сум алимент пулы алдын ала төлеп берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги