Хабар.уз дыӊ мәлимлеме бериўинше, 2023-жылдыӊ январь-август айларында сырт елге Өзбекстанныӊ жерлеринде жетистирилген 1 млн 246,9 мыӊ тонна мийўе ҳәм палыз өнимлериниӊ экспорты әмелге асырылған. Бул көрсеткиш 2022-жылдыӊ сәйкес дәўирине салыстырғанда 1,1 есеге ямаса 142,1 мыӊ тоннаға көп.

Мийўе ҳәм палыз өнимлериниӊ тийкарғы экспорт базарлары Россия (42 процент), Пакистан (15,4 процент), Қазақстан (12,1 процент) ҳәм Қырғызстан (8,4 процент) мәмлекетлери үлесине туўра келген.

Мағлыўмат ушын, есабат дәўиринде мийўе ҳәм палыз өнимлери экспортынан бюджетке түсим азық-аўқат өнимлериниӊ тийкарғы бөлеги, анығырағы 763,6 млн АҚШ долларын қураған. Бул болса өткен жылдыӊ сәйкес дәўирине салыстырғанда 16,5 процентке көп (жәми экспорттағы үлеси 4,6 процент) дегени.

 Қарақалпақстан хабар агентлиги