Президент Шавкат Мирзиёев исбилерменлер менен ашықтан-ашық сөйлесиў өткермекте. Илаж алдынан мәмлекетимиз басшысы белсенди исбилерменлерге жоқары мәмлекетлик сыйлықларды тапсырды. Ҳәзирги ўақытта Президент мәмлекетимизде исбилерменликти раўажландырыў бағдарындағы тийкарғы ўазыйпалар ҳаққында шығып сөйлемекте.
– Ҳәр қыйлы қыйыншылықлар себепли логистика ҳәм өним жеткерип бериў шынжырының үзилгени, бирге ислесиўши мәмлекетлер валютасының қәдирсизленгени, глобаллық көлемдеги жоқары инфляция ақыбетинде қаржы ресурсларының қымбатлағаны сыяқлы факторлар тәсирин исбилерменлеримиз оғада жақсы биледи.
Тән алыў керек, буннан былай да аңсат болмайды. Жол қойылған кемшиликлерден дурыс сабақ алып, тек ғана алға қарай умтылсақ, бизиң мийнет сүйгиш халқымыз, исбилерменлеримиз ҳәр қандай машақатты әлбетте, жеңип өтеди, мен оған исенемен, – деди мәмлекетимиз басшысы сөзиниң алдынан.
Бундай қыйын шараятта машқалаларды тиккелей бизнес ўәкиллериниң өзинен тыңлап, оларға биргеликте шешим табыў ҳәм бул арқалы жеделлик пенен қарар қабыл етиў ең дурыс жол екени атап өтилди.
ӨзА