Шымбай районындағы «Базарбай Сапаров» фермер хожалығында кейинги жылдың зүрәәти ушын ғәллени сапалы ҳәм өз ўақтында егиў, зәрүр болған агротехникалық илажларды әмелге асырыў мәселелерине бағышланған көргизбели семинар болып өтти.
Семинарға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев қатнасып, бул жумыслардың әҳмийетине тоқтап өтип, оны орынлаўда ҳәр бир фермер ҳәм тараў ўәкиллери айрықша жуўапкершилик пенен қараў кереклигин атап өтти.
Атап өтилгениндей, мәўсимди жоқары шөлкемлескенлик пенен өткериў, бунда илимий жақтан тийкарланған усыллардан пайдаланыў, жердиң өнимдарлығы ҳәм басқа да өзгешеликлеринен келип шығып, климатымызға сәйкес туқым таңлаў ҳәм нәллердиң тегис көгерип шығыўына ерисиў, барлық зәрүрли агротехникалық илажларды өз ўақтында ҳәм сапалы алып барыў зәрүр.
Суўдың тамтарыслығы дәўиринде суўдан нәтийжели пайдаланыў, ғәлле майданларында жаўынлатып суўғарыў технологияларын кеңнен енгизиў мәселелери сөз етилди.
2024-жылдың зүрәәти ушын Шымбай районының ғәллекешлери өзлериниң салмақлы үлесин қосыўды мақсет еткен болып, 172 фермер хожалықларының 4250 гектарлық егислик майданларына бийдай егиў режелестирилген.
Жоқарғы Кеңес Баслығы район ғәллекешлери ҳәм нураныйлар менен бирге жақсы нийетлер менен келеси жылдың зүрәәти ушын атызға туқым септи.
Қарақалпақстан хабар агентлиги