Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев бир қатар бағдарларда жумысты бөлип алып алып ислеўшилер, тәмийнатшы кәрханалар ҳәм исбилерменлер менен ушырасыў өткерди.

Онда дәслеп, Президентимиздиң 2023-жыл 10-апрельдеги қарарына муўапық социаллық тараў объектлериниң ысытыў системаларын мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында модернизациялаў ҳәм көмирге өткериў мәселелери қарап шығылды. Бул бағдарда әмелге асырылған жумыслар атап өтилип, айырым кемшиликлер сынға алынды.

Белгиленген ўазыйпаларды нәтийжели алып барыў бойынша бүгинги күнде көмир қорлары жаратылып, тийисли орынларда резервлер жайластырылған. Бүгинги күнде социаллық тараў объектлерине жергиликли көмирди жеткерип бериў бойынша шәртнамалар дүзилип, жеткерип берилген. Буннан басқа, жеке шерикликлер ушын талап етилетуғын көмирлерди алып келиў режелестирилген.

Ушырасыў даўамында көп квартиралы жайларда ҳәм әтирапларында алып барылыўы керек болған қурылыс жумыслары атап өтилди. Айтып өтиўимиз керек, Президенимиздиң 2021-жыл 19-июньдағы ПҚ-5152-санлы қарары тийкарында быйылғы жылы жәми 57 объектте қурылыс-оңлаў жумысларын әмелге асырыў ушын жәми 45,7 млрд. сумлық қаржы ажыратылған.

Усы қаржылардың есабынан 44 объектте 421 көп квартиралы турақ жайларды капитал ҳәм жеңил оңлаў, 13 объектте 114 көп квартиралы турақ жайлардың аймақларын абаданластырыў жумысларын алып барыў белгиленген.

Жоқарғы Кеңес Баслығы қурылыс кәрханаларына көше бийлери ҳәм мәҳәлле белсендилериниң тиккелей басламасы тийкарында ажыратылған қаржыны нәтийжели ҳәм өз орнында жумсаў, олардың турақлы қадағалаўында алып барылатуғын жумыслар, әлбетте, халқымыз күткендей әмелге асырылыўы керек екенлигин айрықша атап өтти.

Ушырасыў даўамында бир қатар қурылысшылар ҳәм кәрхана басшылары өзлериниң пикир-усынысларын билдирип, тийисли ўазыйпалар белгилеп алынды.





Қарақалпақстан хабар агентлиги