Соңғы жыллары Қараөзек районында Өзбекстан Республикасы Президенти ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының арнаўлы қарарлары тийкарында кең көлемли абаданластырыў ҳәм қурылыс-оңлаў жумыслары алып барылмақта. Әсиресе, Бердақ аўыл пуқаралар жыйыны аймағында бой тиклеп атырған «Жаңа Өзбекстан» массивинде исленип атырған қурылыс  жумыслары кеўиллерди толқытып, адамға өзгеше заўық бағышлайды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев 17-август күни Қараөзек районының Қараөзек аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы қурылыс оңлаў ҳәм абаданластырыў жумысларының барысы менен танысыў мақсетинде усы аймақта болды ҳәм аймақта қурылыс-оңлаў жумысларын алып барыў, мәҳәлледеги барлық көшелерди тәртипке келтириў ҳәм үлгили аўыл тәртиби  тийкарында көлемли дөретиўшилик жумысларын алып барыў бойынша ушырасыў өткерилди.

Оған Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутатлары, сектор басшылары ҳәм район белсендилери қатнасты.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев  шығып сөйлеп, илаж қатнасыўшыларын Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 32 жыллық байрамы менен қызғын қутлықлап, бул байрамды көтериңки руўхта мийнетте мол табыслар менен күтип алыў ушын шөлкемлескенлик пенен жумыс жүргизиў зәрүрлигине тоқтап өтти. Соның менен бирге, орынлардағы ҳәр бир басшы ҳәм депутат өзлериниң тараўы бойынша аймақты абаданластырыў жумысларында белсендилик көрсетиўи тийис екенлиги, ең баслысы, усындай аўыр шараяттағы, шетки аўыллар халқының турмысын абат етиўдей ийгиликли жумыслар еле де кең көлемли түрде даўам еттирилетуғынлығын атап өтти.





Ушырасыўда аймақтың инфраструктурасы, атап айтқанда, ишки жол, электр ҳәм таза ишимлик суў тармақларын жақсылаў, көшелерди абаданластырыў, жәрдемге мүтәж шаңарақлардың турақ жайларын оңлаў, төбеси бастырылмаған жайларды шиферлап, авариялық жағдайдағыларын жаңадан қурып бериў сыяқлы қатар ўазыйпалар белгилеп алынды.

Усы жерде ҳүрметли Президентимиздиң тапсырмасы менен халқымызға мүнәсип шараят жаратыў, олардың абадан турмысын тәмийинлеў бағдарында Тахтакөпир районының алыс Белтаў аўылы, Төрткүл районының Қумбасқан аўылы сыяқлы ең шетки, алыс аймақлардан баслап, Нөкис қаласының «Жаңабазар», «Шымбай гүзары», «Алтын жағыс» сыяқлы мәкан пуқаралар жыйынларында да кең көлемли дөретиўшилик жумыслары алып барылып атырғанын атап өтиў орынлы.

Өткерилген илажға Өзбекстан Республикасы Президентиниң мәмлекетлик кеңесгөйи Т.Худайбергенов қатнасты.

****

Сондай-ақ, усы күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев  Қараөзек районындағы «Әмирбай ата» фермер хожалығы егислик майданында 2024-жылдың зүрәәти ушын гүзлик бийдайды егиў бойынша көргизбели семинарға қатнасып, ғәллени сапалы ҳәм өз ўақтында егиў, мәўсимди шөлкемлескенлик пенен өткериў, соның менен бирге, егис мапазындағы барлық зәрүрли агротехникалық илажларды әмелге асырыў кереклигин атап өтти.



Семинарға Өзбекстан Республикасы аўыл ҳәм суў хожалығы министрликлеринен де тийисли жуўапкерлер қатнасты.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы