Президент Шавкат Мирзиёев 16-август күни транспорт, энергетика ҳәм санаат тараўларындағы жойбарлар менен танысты.
Транспорт инфраструктурасының кеңлиги ҳәм қолайлығы мәмлекет раўажланыўын көрсетиўши, оған қосымша импульс бериўши әҳмийетли фактор. Елимизде бул тараўда көплеген жойбарлар әмелге асырылып, автомобиль, авиация, темир жол, метрополитен сыяқлы барлық тармақларда жаңа объектлер иске қосылды.
Усындай жойбарлардан және бири – «Ташкент-Арқа» аэропортының жаңаланыўы. Мәмлекетимиз басшысы өткен айда оның қурылысын барып көрген еди. Онда берилген тапсырмалар тийкарында комплекс бас режеси нәтийжелилик жағынан жетилистирилди. Атап айтқанда, аэропорт аймағы 130 гектарға қысқартылады. Оның есабынан оны сақлап турыў қәрежетлери де азаяды.
Ҳәзирги ўақытта 4 километр узынлықтағы ушыў-қоныў коридоры қурып болынған. Бул жерде 2 – жоқары мәретебели мийманлар ушын ҳәм бизнес-авиация терминалы болады. 25 самолёт ушын қойыў орны, ангарлар, администрация ҳәм хызмет көрсетиў имаратлары қурылады. Аэропорт қолайсыз ҳаўа райы шараятларында да ушыў-қоныўды тәмийинлеўши ICAO Ш-А категориясындағы заманагөй радиотехника ҳәм метеорология үскенелери менен тәмийинленеди.
Ташкент қаласы раўажланғаны сайын халық саны да, олардың жеделлиги де артып бармақта. Оны жеке автомобильлер көбейип баратырғанында да көриў мүмкин. Бирақ, соның менен бирге, қала көшелеринде тығылыс да артпақта.
Бизге белгили, бул машқаланы шешиўдиң жолы – жәмийетлик транспортты раўажландырыў, онда жүриўди автомобиль айдаўға қарағанда қолайлы етиў. Усы мақсетте, Президентимиздиң көрсетпесине муўапық, Ташкент қаласына жаңа автобус ҳәм электрбуслар алып келинди. Жолаўшы тасыў қуўатлығы артып, жәмийетлик транспорттың аралық ўақыты қысқарды.
Қалада тығылысты азайтыў ушын Ташкент метрополитениниң ақырғы ҳәм қатнаў көп бәндиргилери жанындағы автомобиль қойыў орынларын қурыў режелестирилген. Мақсет – адамлар жеке автомобилин усы жерде қалдырып, қаланың ишине жәмийетлик транспорта барыўына шараят жаратыў.
Сондай-ақ, презентация даўамында мәмлектимизде энергетика қуўатлықларын арттырыў мәселесине итибар қаратылды. Соның ишинде, пайтахтымызда электр энергиясы тармақларының айрықша жағдайларға шыдамлылығын беккемлеў ҳәм қолайлы энергия дәреклерин интеграциялаў илажлары көрилмекте.
Қайта тиклениўши энергеия тармағында жәми қуўатлығы 13 мың 777 мегаваттлық 33 жойбар ислеп шығылған. Соның менен бирге, электр энергиясы инфраструктурасын жетилистириў ҳәм ҳаўа райы шараятларына шыдамлылығын арттырыў, резерв қуўатлықлар пайда етиў, тутыныўды ақыллы басқарыў бойынша жумыс алып барылмақта.
Презентацияда Ташкент қаласында санаатты раўажландырыў көрсеткишлери ҳәм режелери ҳаққында да мәлимлеме берилди.
Ҳәзирги күнде пайтахтымыз экономикасының 34 проценттен асламы санаат үлесине туўра келеди. Өткен жылы 110 триллион сумлық өнимлер ислеп шығарылған. Әсиресе, азық-аўқат, металлургия, тоқымашылық тармақларында өсиў жоқары болған.
Бул тараўдағы имканиятларды кеңейтиў мақсетинде «Янгиҳаёт» индустриал технопаркин кластер системасына өткериў усынысы билдирилди. Оның майданы 500 гектар болыўы, 810 кәрхана жайластырылыўы ҳәм 100 мың жумыс орнының жаратылыўы мөлшерленген. Кластер системасының жолға қойылыўы нәтийжесинде өндирис сапасы артып, транспорт қәрежетлери ҳәм өзине түсер баҳаны азайтыўға ерисиледи.
ӨзА