Султанов Рустам Бегдуллаевич Қарақалпақстан Республикасы Қаржы министри лаўазымына тайынланды.


Р.Султанов усы күнге шекем Өзбекстан Республикасы акционерлик-коммерциялық Халық банки, Мәмлекетлик акционерлик – коммерциялық «Асакабанки» ҳәм Өзбекстан Республикасы Есап палатасында жуўапкершиликли лаўазымларда жумыс алып барған.

Мағлыўмат орнында, Қарақалпақстан Республикасы Қаржы министри лаўазымында усы күнге шекем жумыс ислеп келген Махмуд Содиков өз арзасына бола ийелеп турған лаўазымынан босатылды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги