Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев республикамыз аймағындағы исбилерменлер менен пикирлесиў, олардың жумысында ушырасып атырған машқалаларды анықлаў ҳәм республикамызды раўажландырыў бағдарындағы ўазыйпаларды белгилеп алыў мақсетинде бир қатар исбилерменлер менен ушырасыў өткерди.
Онда Президентимиздиң 2022-жыл 31-августтағы 213-санлы пәрманы тийкарында Қарақалпақстандағы исбилерменлик субъектлери ушын салық жүклерин азайтыў, өндирис ҳәм хызмет көрсетиў тараўындағы жаңа жойбарларға узақ мүддетли жеңиллетилген кредитлер ажыратыў, исбилерменликти қоллап-қуўатлаў фонды есабынан кепилликлер бериў, экспортёр кәрханалардың транспорт қәрежетлериниң бир бөлегин қаплап бериў бойынша бир қатар жеңилликлер берилгенлиги атап өтилди.
Буннан тысқары, Қарақалпақстан Республикасын раўажландырыў ҳәм исбилерменликти қоллап-қуўатлаў бойынша Президентимиздиң және бир тарийхый ПП-129-санлы пәрманы қабыл етилгенлиги, усы тийкарда республикамыз исбилерменлери ушын оғада үлкен мүмкиншиликлер жаратылғанлығы айрықша атап өтилди.
Қабыл етилген пәрман менен Тиклениў ҳәм раўажланыў фонды тәрепинен 100 млн. АҚШ доллары ажыратылады. Коммерциялық банклер тәрепинен инвестициялық жойбаларды қаржыландырыў ушын сырт ел валютасында 5 процентлик, миллий валютада 12 процентлик жыллық ставкаларда 10 жыл мүддетке шекемги 5 жыллық жеңилликли дәўир менен Орайлық банктиң тийкарғы ставкасынан жоқары болмаған муғдарда кредитлер ажыратылады. Бунда коммерциялық банктиң маржасы сырт ел валютадағы кредитлер бойынша 1 процент, миллий валютадағы кредитлер бойынша 2 процент муғдарында белгиленеди.
Халықаралық қаржы институтларынан қосымша 200 миллион АҚШ доллары муғдарында кредит қаржылары тартылады. Миллий ҳәм сырт ел валютасында ажыратылатуғын кредит муғдарының 75 процентине шекем, бирақ, 5 млрд. сумнан аспаған муғдарда кепиллик бериледи. Киши ҳәм жаслар санаат ҳәм исбилерменлик зоналарында инвестициялық миннетлемелерин орынлаған исбилерменлерге жер участкаларын, имарат ҳәм объектлерди меншиклестирип бериў тәртиби белгиленеди.
Аймақта саўдаға қойылған мәмлекетлик мүлк объектлери 3 ай мүддетте сатылмаған жағдайда оларды электрон таңлаў тийкарында ең жақсы усыныс билдирген талабанға инвестиция киргизиў миннетлемеси менен бериў тәртиби енгизиледи.
2023-2024-жылларда Нөкис қаласында 1 млн. АҚШ доллары, қалған районларда 300 мың АҚШ доллары муғдарында инвестиция киргизиў миннетлемеси менен жойбар басламашыларына жер участкаларын тиккелей узақ мүддетли ижара ҳуқықы менен бериў системасы енгизиледи.
Өткерилген ушырасыўда мине усындай қарақалпақстанлы исбилерменлер ушын жаратылған оғада әҳмийетли шараятлар ҳаққында кең түрде түсиник берилди.
Атап өтиў керек, бүгинги күнде елимиздиң экономикасын беккемлеў ҳәм раўажландырыў, жаңа жумыс орынларын жаратыўда исбилерменлердиң тутқан орны айрықша. Оларды қоллап-қуўатлаў бағдарында бир қатар мүмкиншиликлер жаратылып, имканиятлар берилип атырған бир ўақытта айырым машқалалар да ушыраспақта.
Жоқарғы Кеңес Баслығы жақыннан сәўбетлесиў даўамында исбилерменлерди қыйнап атырған машқалаларды тыңлады ҳәм ҳәр бир исбилермен қоллап-қуўатланатуғынлығын, олардың өз жумысын жолға қойыўында тосқынлық ететуғын ҳәр қандай басшыға тийисли жаза шарасы қолланылатуғынлығын, исбилерменлердиң жумысын жетилистириў бойынша барлық илажлар көрилетуғынлығын атап өтти.
Өз гезегинде исбилерменлер тәрепинен бир қатар әҳмийетли мәселелер көтерилди ҳәм ҳәр бир машқала Жоқарғы Кеңес Баслығының жеке қадағалаўына алынды.
Ушырасыўда тийисли ўазыйпалар белгиленип, экспорт көлемин кеңейтиў илажларын көриў бойынша тапсырмалар берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги