Бул ҳаққында Бухара қаласында Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында азық-аўқат өнимлерин көбейтиў арқалы баҳаның турақлылығын тәмийинлеў сондай-ақ, халық ҳәм экономика тармақларын энергия ресурслары менен кепилликли тәмийинлеў мәселелери бойынша өткерилип атырған видеоселектор мәжилисинде атап өтилди.

Соның ушын елимизде «жасыл энергетика»ны раўажландырыў ҳәм экономикаға үнемли технологияларды кеңнен енгизиў бойынша үлкен шеклер алынған.

Энергия тәмийнатындағы дефицитти толық қаплаў мақсетинде апрель айында ҳәр бир район ҳәм қалада үйрениўлер өткерилди. Усы тийкарда 4,5 миллиард куб метр газ ҳәм 7,5 миллиард киловатт саат электрди үнемлеў бойынша район кесиминде бағдарламалар қабыл етилди.

Мәжилисте атап өтилгениндей, көп аймақ ҳәм тармақларда еле айтарлықтай нәтийже болғаны жоқ, басшылары болса «соралмай атыр» деп, бул ўазыйпаларды өз ҳалына таслап қойған.

Атап айтқанда, Ташкент ўәлаяты режеге салыстырғанда 40 миллион куб метр, Ташкент қаласы 19 миллион, Самарқанд 13 миллион, Хорезм 3,5 миллион куб метр газди көп пайдаланған.

Электр бойынша Әндижан, Бухара, Жиззақ, Наманган, Самарқанд, Сырдәрья, Ташкент ўәлаяты, Ферғана ҳәм Ташкент қаласының ҳеш бир районы үнемлеў режесин орынламаған.

Энергетика комплексиниң басшылары бул жумысларды төменде системалы шөлкемлестире алмай атырғаны көрсетип  өтилди.

ӨзА