Бухара қаласында Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында азық-аўқат өнимлерин көбейтиў арқалы баҳаның турақлылығын тәмийинлеў сондай-ақ, халық ҳәм экономика тармақларын энергия ресурслары менен кепилликли тәмийинлеў мәселелери бойынша видеоселектор мәжилиси басланды.
Суў ресурслары жылдан-жылға азайып баратырғаны ақыбетинде азық-аўқат жетиспеўшилиги көплеген мәмлекетлерде күн тәртибиндеги ең тийкарғы мәселелерден бирине айланбақта.
Бундай шараятта мәмлекетимизде пахта ҳәм ғәлле майданларын қысқартыў есабынан халыққа дийқаншылық етиўи ушын 200 мың гектар жер майданлары ажыратылды. Нәтийжеде:
– 700 мың халық турақлы, және, 1,3 миллионы мәўсимлик жумыс пенен тәмийинленди;
– 605 мың (90 процент) дийқанлардың дәраматлары көбейди;
– картошка менен өзин-өзи тәмийинлейтуғын районлар 112 ге, пияз бенен-144 ке ҳәм гешир менен – 146ға жеткерилди.
Соның менен бирге, ҳәзирги күнде 94 район ҳәм қала өзиниң халқының картошкаға болған талабын тәмийинлей алмайды, 62 си пияз, 60 сы гешир, 84и гөш, 139ы таўық гөши ҳәм мәйекти басқа аймақлардан алып келеди.
ӨзА