Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев Тахтакөпир районында, районды социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, кәмбағаллықты қысқартыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў бағдарындағы жумыслар, белгиленген мәселелер ҳәм орынланған ўазыйпаларға арналған мәжилис өткерди.

Онда атап өтилгениндей, районда әмелге асырылыўы тийис жумыслар жуўапкерлерге анық белгилеп берилген болса да, берилген тапсырма ҳәм ўазыйпалардың орынланыўында бир қатар қәте-кемшиликлерге жол қойылған.

Атап айтқанда, ҳаял-қызларды, жасларды қоллап-қуўатлаў, олардың бәнтлигин тәмийинлеў, исбилерменлигин жолға қойыўы ҳәм кредит қаржыларын алыўына жәрдем бериў жумыслары талап дәрежесинде алып барылмаған.

Жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша 2023-жылы районда бағдарлама тийкарында 5360 жумыс орынларын шөлкемлеситириў белгиленген. Соннан, усы жылдың биринши ярым жыллығында реже орынланғаны бойынша есабат берилген. Бирақ, усынылған есабатлардағы көрсеткишлер арттырып көрсетилгенлиги анықланған.

Қурылыс тараўында да нызамбузыўшылық жағдайлары, ҳүжжетлерди рәсмийлестириўде қәте-кемшиликлерге жол қойылғаны, жаңа көп қабатлы турақ жайларды қурыў дурыс шөлкемлестирилмегени, айырым басшылардың өз жумысына немқурайдылық пенен қарағаны сыяқлы кемшиликлер анықланған.

Мәжилисте өз ўазыйпасын атқарыўға немқурайдылық пенен қарағанлығы ушын район ҳәкиминиң  орынбасары – Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлиминиң, Мәҳәлле кесиминде ислесиў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў орайының, Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик бөлиминиң, Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлиминиң, Жаслар ислери агентлиги районлық бөлиминиң ҳәм мәденият бөлиминиң  баслықларына интизамий жаза шарасы қолланылды.

Жоқарғы Кеңес Баслығы Қараөзек районында да мәжилис өткерди.

Мәжилисте райондағы бүгинги күнге шекемги әмелге асырылған жумыслар сын көзқараста қарап шығылып, онда ҳаял-қызлар ҳәм жасларды қоллап-қуўатлаў, мәҳәллелердиң материаллық-техникалық базасының беккемлениўи, туризмди раўажландырыў бойынша орынланыўы тийис тапсырмалар, қайта тиклениўши энергия дәреклерин орнатыў бойынша белгиленген режелер ҳаққындағы мәселелер көрилип, кемшиликлер атап өтилди.

Жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарында быйылғы жылда 6020 жаңа жумыс орынларын шөлкемлестириў белгиленген. Соннан, усы жылдың биринши ярымында районда жәми 3083 пуқараның бәнтлиги тәмийинленип, реже орынланғаны бойынша есабат берилген. Бирақ, усынылған есабатлар орынларда үйренилгенде есабатлардағы айырым көрсеткишлер арттырып көрсетилгенлиги ҳәм кемшиликлер бар екенлиги анықланған.

Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарында Шаңарақлық исбилерменлик бағдарламасы ушын районға ажыратылған кредитлердиң тек ғана 65,7 проценти өзлестирилген.

Өткерилген мәжилис даўамында өз жумысын орынлаўда қәте-кемшиликлерге жол қойғаны ушын районлық ғазнашылық бөлиминиң баслығы ийелеп турған лаўазымынан азат етилди. Район ҳәкиминиң  биринши орынбасары мийнет ҳақысының 30 проценти муғдарында жәриймаға тартылды.

Район ҳәкиминиң аўыл хожалығы мәселелери бойынша орынбасары, Ишки ислер бөлиминиң, районлық Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтликке көмеклесиў бөлиминиң, Экономика ҳәм қаржы бөлиминиң баслықлары, 4 ҳәким жәрдемшиси, 9 ҳаял-қызлар белсендиси, 5 жаслар жетекшисине интизамый жаза шарасы қолланылды.

Өткерилген мәжилислерде көрилген мәселелер, жиберилген қәте-кемшиликлерди сапластырыў бойынша пикир-усыныслар билдирилип, тийисли ўазыйпалар белгилеп алынды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.