Қарақалпақстан Республикасы Рус миллий мәдений орайы тәрепинен «Нөкис» халықаралық аэропорты ҳәкимшилик имаратында  уллы рус шайыры А.С.Пушкинниң туўылған күни мүнәсибети менен «Рус поэзиясының қуяшы» атамасында илаж шөлкемлестирилди.

Илажда жасларды улыўма инсаныйлық руўхта тәрбиялаў, жәмийетте аўызбиршилик, татыўлық ҳәм кеңпейиллик орталығын беккемлеўде әдебияттың тутқан орны, елимизде ҳәр қыйлы миллет ўәкиллериниң миллий байрам ҳәм мәденият күнлери белгиленип атырғаны кең түрде атап өтилди.

Бундай ағартыўшылық илажларды өткериўден мақсет халық, соның ишинде, балалар ҳәм жаслар арасында кеңпейилликке тийкарланған миллетлераралық қатнасықлар мәдениятын беккемлеў, уллы шайыр Александр Пушкинниң өмири ҳәм дөретиўшилигин, әўладларға қалдырған руўхый мийрасын үйрениў ҳәм үгит-нәсиятлаў арқалы жаслардың әдебиятқа, тарийхқа, поэзияға ҳәм китапқумарлыққа қызығыўшылығын арттырыўдан ибарат.

Илажда Александр Сергеевич Пушкин шығармалары Ибрайым Юсупов, Сағынбай Ибрагимов сыяқлы белгили шайыр ҳәм жазыўшылар тәрепинен қарақалпақ тилине шеберлик пенен аўдарылғаны ҳәм олар қарақалпақ әдебиятының дүрданасына айланғаны атап өтилди.

Қатнасыўшылар тәрепинен Пушкин дөретиўшилигинен үлгилер оқылды.

М.Нуратдинова,

ҚМУ Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультети студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги