Усы жылдың 5-6-июнь күнлери Қазақстанның Алмата қаласында «Asfen.Forum, жаңа әўлад» халықаралық конфренциясы болып өткен еди.

Илимий конфренцияны Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң Европа регионы бойынша баслығы Ханс Клюге ҳәм Қазақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министри Ажар Гиният ашып берди.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы басқармасының Хожели районлық бөлиминиң эпидемиолог-шыпакери Юнис Турсынов та қатнасты.

– Ол усы конфренцияда 20 дан аcлам мәмлекетлер арасында бириншилерден болып, өзиниң «Covid-19» ға қарсы вакцина менен шаншыў арқалы келип шығыўы мүмкин болған шаншыўдан кейинги кеўилсиз жағдайлар бойынша Хожели районында алып барған изертлеў жумысларының жуўмағы бойынша Өзбекстан атынан презентация өткерди,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы хызметиниң баспасоз хызмети баслыгы К.Пердебаева.

Конфренцияда илимий жумыслар retelling форматында (қысқаша ўақыя) көрсетилиўи керек еди. Жерлесимиздиң илимий жумысы бойынша исленген презентациясында қарақалпақша ҳәзиллерден пайдаланылып, визуализация ҳәм тыңлаўшылардың итибарын өзине қаратыў арқалы ең жақсы презентация, деп табылып, арнаўлы сыйлықлар менен сыйлықланды.

Қарақалпақстанлы эпидемиолог-шыпакердиң жумысы халықаралық конфренцияда «Ең жақсы презентация», деп табылды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги