Орайлық сайлаў комиссиясының гезектеги мәжилиси болып өтти.

Онда, Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабанлардың исенимли ўәкиллерин дизимге алыў, Орайлық сайлаў комиссиясы жанындағы жедел мәлимлеме бериў орайының жумысын шөлкемлестириў, Өзбекстан Республикасының Президент сайлаўында халықаралық шөлкемлер ҳәм сырт мәмлекетлерден қатнасатуғын бақлаўшылар ҳәм ҒХҚларды аккредитациядан өткериўге байланыслы мәселелер додаланды.

– Бизге белгили, Орайлық сайлаў комиссиясы 5-июнь күни сиясий партиялардан Өзбекстан Республикасы Президентлигине көрсетилген талабанларды дизимге алған еди, – деди ОСК секретариатының баслығы Х.Маматов. – Сайлаў нызамшылығының талапларына муўапық, Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабанның исенимли ўәкиллери Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабан Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен дизимге алынғаннан кейин оның усынысына бола Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен дизимге алынады. Талабанның исенимли ўәкиллерине Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен белгиленген үлгидеги гүўалық бериледи. Талабан 15 исенимли ўәкилге ийе болыўға ҳақылы.














Мәжилисте бул мәселе додаланып, пикир-усыныслар билдирилди. Буннан кейин Өзбекстан Халық демократиялық партиясынан Улуғбек Илясович Иноятовтың, Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан либерал-демократиялық партиясынан Шавкат Миромонович Мирзиёевтиң, Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясынан Робахон Анваровна Маҳмудованың ҳәм Өзбекстан Экологиялық партиясынан Абдушукур Худойқулович Ҳамзаевтиң исенимли ўәкиллери дизимге алынды.

Сондай-ақ, мәжилисте сайлаўға таярлық көриў ҳәм оны өткериў дәўиринде Орайлық сайлаў комиссиясы жанында жедел мәлимлеме бериў орайын шөлкемлестириў бойынша қарар қабыл етилди ҳәм тийисли Реже тастыйықланды.

– «Cаll-center»диң тийкарғы ўазыйпасы сайлаўға таярлық көриў ҳәм оны өткериў дәўиринде пуқаралар менен реал ўақыт режиминде тиккелей қарым-қатнасты жолға қойыў, сайлаў комиссияларының жумысы, сайлаўға таярлық көриў және оны өткериўдиң барлық басқышлары ҳаққында толық ҳәм исенимли  мәлимлемени пуқараларға ҳуқықый түсиндириў ҳәм мәсләҳәтлер бериў арқалы жеткериўден ибарат, – деди ОСК ағзасы Г.Исмоилова.

Мәжилисте Өзбекстан Республикасының Президентлик сайлаўында халықаралық шөлкемлер ҳәм сырт мәмлекетлерден қатнасатуғын бақлаўшыларды аккредитациядан өткериў мәселеси де ҳәр тәреплеме додаланды. Сыртқы ислер министрлигиниң усынысына бола ЕҚБШ ДИИҲБниң 12 сайлаўды бақлаўшы миссиясының ўәкиллери ОСКның қарары менен аккредитациядан өткерилди.

Сондай-ақ, Орайлық сайлаў комиссиясына болған мүрәжатлардан келип шығып, 39 жергиликли ғалаба хабар қуралларының 139 ўәкили аккредитацияланды. Бүгинги күнге шекем аккредитациядан өткерилген жергиликли ғалаба хабар қураллары ўәкиллериниң улыўма саны 229 ды қурамақта.

Мәжилисте көрип шығылған барлық мәселелер бойынша Орайлық сайлаў комиссиясының тийисли қарарлары қабыл етилди.

Муҳтарама КОМИЛОВА,

ӨзАның хабаршысы