Төрткүл районында быйылғы жылдың өними ушын егилген бийдай орым-жыйыны мәўсимин шөлкемлескенлик пенен өткериўге бағышланған көргизбели-семинар болып өтти.

Атап өтилгениндей, дийқанларымыз тәрепинен жетистирилген өнимди зая етпестен орып-жыйнап алыў бүгинги күнниң әҳмийетли ўазыйпаларынан бир болып табылады.  Бул жумысларға район бойынша 14 комбайн қатнастырылады. Соннан еки дана “Кейс”, “Нью холланд” ҳәм 12 дана “Клаас” маркалы комбайн қатнастырылыўы режелестирилген.

Бул техникаларды оңлаў ушын 99 миллион сум талап етилип, бул қаржылар толық өзлестирилди ҳәм сертификатға ийе аўысық бөлеклердиң алып келиниўи тәмийинленди. Оңлаў жумысларының сапалы алып барылыўы “Өзагроинспекция”ның Төрткүл районлық бөлиминиң хызметкерлери тәрепинен турақлы қадағалаўға  алынған.

Усы жылдың 30-май күни инспекцияның Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәм Төрткүл районы ҳәкимлиги тәрепинен дүзилген жумысшы топардың ағзалары тәрепинен комбайнлар көзден өткерилди. Сондай-ақ, ҳәр бир комбайнның басқарыўшыларына  пул   ҳәм  азық-аўқат өнимлери тапсырылды.

–Фермер хожалықлары тәрепинен жетистирилген өнимди сапалы қабыл етиў, сақлаў ҳәм ысырапгершиликтиң алдын алыў бойынша ўазыйпалардың орынланыўы  үстинен ситемалы қадағалаў орнатылады,-дейди“Өзагроинспекция”ның Төрткүл районлық бөлиминиң баслығы  Акбар Козиев. – Дән өнимин жыйнап алыўда қабыл етиў, сақлаў шақапшалары ҳәм қоймаханаларды мәўсимге таярлаў, жетистирилген өнимди өз ўақтында, ысырапгершиликсиз қабыл етиў бойынша белгиленген нормативлик ҳүжжетлерге бойсынылыўы қадағаланып барылады. Соның ишинде , дән қабыллаў шақапшаларындағы  асфальт майданшалар, көшпели узатыў әнжамлары, автомобиль тәрезилери, өрт өшириў қалқанлары ҳәм үлги алыў бөлмелериндеги оңлаў жумыслары көзден өткерилди. Лаборатория үскенелериниң мәмлекетлик стандарттан өткерилиўи қадағалаўға алынған.

 Қарақалпақстан хабар агентлиги