Өткен жыллар даўамында бир неше пуқараның қарамалларын сатып беремен деп, пулларын өзлестирип келген пуқараға жынаят иси қозғатылды.

Атап айтқанда, Төрткүл районында жасаўшы, 1982-жылы туўылған Р.O. өткен жылы Елликқала районы Сарабий аўыл пуқаралар жыйынында жасаўшы 1959-жылы туўылған X.R.ға тийисли 4 бас қарамалын сатып беремен деп  23 миллион 300 мың сум пулын алдап алған. Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, буннан басқа ол усы жылы январь айында  Елликқала районы Сахтиён аўыл пуқаралар жыйынында жасаўшы 1981-жылы туўылған  X. R.ға тийисли  2 бас қарамалын сатып беремен деп 33 миллион 500 мың сумын,  февраль айында Төрткүл районы Уллыбағ аўыл пуқаралар жыйынында жасаўшы 1990-жылы туўылған  A.Ф.ға 2 бас қарамалын сатып беремен деп   12 миллион сум пулын алдап алғанлығы мәлим болды.

Ҳәзирги ўақытта  бул бойынша Төрткүл районлық Ишки ислер бөлиминиң тергеў бөлими тәрепинен Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодексиниң тийисли статаьялары менен жынаят иси қолғатылды.

  Қарақалпақстан хабар агентлиги