Бүгин бәримиз интернет дүньясына кирип келдик. Ҳәзир инновация, технология заманы.

Интернет  саат, минут өткен сайын раўажланбақта. Ол алысты жақынлатып, дүньяны бир-бири менен байланыстырыў мүмкиншилигин бермекте.

Интернет тек ғана байланыс емес, ал жедел хабар жеткериўдиң қуралы болып, оның бүгинги тез раўажланып атырған дәўирде пайдалы тәреплери көп екенлигин көремиз. Интернет адамлардың жумысын ҳәм турмысын тәўир-ақ жеңиллетти.

Бурынғы ўақытларда соңғы жаңалықларды билиў ушын адамлар газетаға жазылыўы ямаса телевизордан кешки жаңалықларды күтиўге мәжбүр болған болса, ҳәзирги пайытта қәлеген жаңалығын қол телефоны арқалы да биле алады. Сондай-ақ, ҳәзирги күнде дәриханаға барып дәри алыў ямаса жақсы аўқатланатуғын орынға барыў шәрт емес. Оларға интернет арқалы буйыртпа бериўге болады. Қолайлысы бунда ўақыт үнемленип, үйден шықпай-ақ көплеген жумыслар питкериледи. Сырт мәмлекетлердеги жақын иснанларымыз бенен байланысыўымызға болады. Ол қай жерде болса да, оның менен видеоқоңыраў етип көрисип сөйлесиў мүмкиншилигимиз бар. Деген менен, ҳәр қыйлы ойынларды ойнап, қызықлы мағлыўматларды көрип, барлық ўақытымызды сол ушын жумсап интернеттен ғәрезли болып қалыўымыз да керек емес.

Неге дегенде интернетте жақсы, пайдалы нәрселер менен бирге оның унамсыз тәреплери де бар.

Сизлерге оның унамсыз тәрепи бойынша болған ўақыяны айтып бермекшимен. Муҳаббат (аты өзгертилген) оғада сулыў, шырайлы, ақыллы, бардамлы шаңарақтың қызы еди. Бир күни ол инстаграмм тармағы арқалы бир жигит пенен танысып қалады. Ол жигит Тайланд Республикасының пуқарасы болып, өзин таныстырады. Қыздың шет тилин жақсы билгени ушын, сол жигит пенен танысыўы, сөйлесиўи қыйын болған жоқ. Жигит өзин таныстырғанында анасы бар екенлигин, шыпакер болып ислейтуғынлығын,  өзине ашық болып қалғанын ҳәм оған турмыс қурыў ҳаққындағы пикирин айтып Муҳаббаты өзине байлап алады.

Сада қыз оның сөзлерине исенеди. Жигит қызға көплеген саўғалардың  видеосын жиберип, соның ишинде, Айфон маркалы телефон, қымбат баҳалы алтын тағыншақлар сатып алғанын айтады. Саўғаларды Муҳаббатқа жиберетуғынлығын, оны қалалық  почтадан алатуғынын айтады. Муҳаббат исенип почтаға барып сорап, күтип жүреди. Жигитине  жиберген затларының келмегенин айтады. Жигит болса почтаға төлемди өзиң төлеўиң керек, төлеген ақшаңды барғаннан кейин беремен, ең аңсаты ақшаларыңды маған жибер, саўғаларды алып қал саўғалар жолда дейди-де пластик картасының номерин  жазып жибереди. Муҳаббат та ойланбастан 1000 доллар ақшаны тайландлы жигитиниң пластик картасына өткереди. Арадан бир-еки күн өтип келетуғын алтын тағыншақлар, телефон, кийимлерден хабар болмайды. Муҳаббат алданғанын түсинеди.

Әне, дослар интернет дүньясында усындай көплеген қәўипли, алдамшы ойынлар да бар. Әзиз заманласлар, интернеттен ақылға уғрас пайдалансақ ғана ол өзиниң пайдасын береди, ойланбай ҳәрекет етсең зыянын тийгизеди.

Жуўмақ өзлериңизден, заманласлар…

 

Әсем Есенгелдиева,

ҚМУ Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультети, Мәлимлеме хызмети тәлим бағдарының 1-курс студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги