Арқа-батыс әскерий округи әскерлери сәркардарлығының басламасы менен «Нөкис» ҳәм «Янгиариқ» оқыў дала оқыў майданларында Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятындағы улыўма орта билим бериў мектеплери ҳәм орта арнаўлы оқыў орынларында ислеўши жасларды шақырыққа шекемги баслаўыш таярлық пәни оқытыўшылары ушын оқыў-методикалық шынығыў өткерилди.

Билимлендириў процесин шөлкемлестириў ҳәм өткерилетуғын сабақлардың сапасын және де арттырыў, пән оқытыўшыларының методикалық шеберлигин жетилистириў бойынша топланған тәжирийбелерин өз-ара алмасыў, әскерий-ўатансүйиўшилик руўхындағы тәрбияның ең алдынғы усылларын үгит-нәсиятлаў ҳәм әмелиятта қолланыў мәселелерине бирден-бир көзқарасты қәлиплестириў мақсетинде шөлкемлестирилген бул оқыў-методикалық шынығыўларға Қарақалпақстаннан 590, Хорезм ўәлаятынан 431 пән оқытыўшылары қатнасты.

Оқыў-методикалық шынығыўлар даўамында қатнасыўшыларға қәнигелер тәрепинен  оқ атар қуралларды бөлеклерге тез ажыратыў ҳәм жыйнаў, ғалаба қырыўшы қураллардан қорғаныў әнжамларынан пайдаланыў, әскерий топография, тактика, сапланыў таярлығы, биринши тез жәрдем көрсетиў сыяқлы шынығыўларда қатнасып, өзлериниң тәжирийбелерин арттырды.

Бир неше жыллардан берли дәстүрге айланып баратырған бундай шынығыў ҳәм жыйынлардың нәтийжесинде, әскерий хызметке барыўды қәлеўшилер саны жылдан-жылға көбейип бармақта.

Оқыў-методикалық шынығыўларда қатнасқанлар Арқа-батыс әскерий округи әскерлери сәркардалығы тәрепинен мүнәсип түрде хошаметленди.

А.Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги жетекши шолыўшысы