Бүгин Нөкис районы мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлимине қараслы Бәркамал әўлад балалар мектебинде  балалардың жазғы демалысын мазмунлы өткериў мақсетинде, Саламатландырыў майданшасының ашылыў мәресими болып өтти.

Онда Нөкис районы ҳәкиминиң орынбасары Қ.Моятдинов, Республика ағартыў орайы Нөкис районлық бөлиминиң бас қәнигеси А.Кеңесбаев, Нөкис районы мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў бөлими руўхый-ағартыўшылық ислерин муўапықластырыў бойынша бас қәнигеси К.Сарсенбаевлар шығып сөйлеп, Саламатландырыў майданшасының атқаратуғын хызмети, бул бойынша ислениўи тийис ўазыйпалар ҳәм арнаўлы дөгереклерде оқыўшыларға жаратылған қолайлы шараятлар ҳаққында кең түрде айтып өтти.

Соңынан илаж қатнасыўшылары Саламатландырыў майданшасында ашылған дөгереклердиң жумыслары ҳәм ондағы балалар ушын  жаратылған имканиятлар  менен жақыннан танысты.

-Нөкис районы бойынша 4 жерде усындай Саламатландырыў майданшалары шөлкемлестирилген болып, оларда аймақ балаларының  жазғы дем алысын мазмунлы өткериўи ушын барлық қолайлықлар жаратылған,-дейди район ҳәкиминиң орынбасары Қуўанышбай  Моятдинов.-Атап айтатуғын болсақ, Бәркамал әўлад мектебинде оқыўшылар комьпютер техникасы, экология, кондитер өнимлерин таярлаў , кийим тигиў бойынша өзиниң билимлерин жетилистирсе, музыка мектебинде дуўтар, пианино шертиў, спорт мектебинде спорт түрлери менен бийпул шуғылланыў мүмкиншилигине ийе болады.





Илаж оқыўшылардың саз-сәўбетли концерт бағдарламасы менен даўам етти.

А.Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги жетекши шолыўшысы