Тийкарынан ғәлле жетистириўге қәнигелескен Қанлыкөл районында да ҳәзирги күнлери гүзлик бийдай орымына таярлық жумыслары басланып кетти.

Усыған байланыслы Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлигиниң жуўапкер ўәкиллери, аймақтағы сектор басшылары ҳәм тийисли тараў қәнигелериниң қатнасыўында көргизбели семинар өткерилди.

Онда район ҳәкими А.Ибрагимов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, гүзлик бийдай атызларында жетистирилген өнимниң бир де мысқалын сепситпестен қысқа мүддетлерде орып-жыйнап алыў ислерин шөлкемлескенлик пенен өткериў бойынша өзлериниң мәсләҳәтлерин берди.






Соның менен бирге, семинарда орым-жыйын жумысларына қатнасатуғын комбайнлардың техникалық сазлығы көзден өткерилип, комбайн басқарыўшыларына хошамет сыпатында ҳәр түрли азық-аўқатлық затлар тапсырылды.


А.Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги жетекши шолыўшысы